1-февральдан жатып баратуғын поездлардың билети де қымбатлайды

    6 қаңтар 2025 955

    Усы жылдың 1-февраль сәнесинен жергиликли жөнелистеги (жатып баратуғын) жолаўшы поездлар билет баҳасының тариф бөлеги 10,5% ке арттырылмақта.

    "Өзбекстан темир жоллары" АЖның хабар бериўинше, жолаўшы тасыў тараўында финанслық зыянларды салыстырмалы қысқартыў, темир жол инфраструктурасы қәрежетлерин, электр энергиясы, жанылғы ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ, жолаўшы вагонлар паркин жаңалаў, темир жол вокзалларының жумысын жаңа заман талапларына муўапық алып барыў ҳәм жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде соның менен бирге республикада инфляция дәрежесин есапқа алған.

    Еслетип өтемиз, бурын 1-февральдан "Афросиёб" билетлери 20−25 процентке, "Шарқ", "Насаф" ҳәм "Өзбекстан" билетлери болса 30 процентке артыўы ҳаққында хабар берилген еди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates