1-февральдан темир жол билетлериниң баҳасы арттырылады

    6 қаңтар 2025 605

    Өзбекстанда 2025-жыл 1-февральдан баслап темир жол билетлериниң баҳасы арттырылады.

    "Өзбекстан темир жоллары" АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, тараўда темир жол инфраструктурасы қәрежетлерин, электр энергиясы, жанылғы ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ, жаңа жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электр поездларын сатып алыў ҳәм жолаўшы вагонлары паркин жаңалаў, темир жол вокзалларының жумысын жаңа заманагөй талапларға муўапық алып барыў ҳәм жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў мақсет етилген.

    Сол себепли жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын "Афросиёб" электр поездларының ВИП, бизнес категориясындағы билет баҳалары 25 процентке, эконом категориясындағы билет баҳалары 20 процентке ҳәм тезжүрер жолаўшы поездлар "Шарқ," "Насаф" ҳәм "Өзбекстан" поездларының билет баҳалары 30 процентке арттырылмақта.

    "Афросиёб" электропоездларының билет баҳалары төмендегише:

    Ташкент - Бухара

    - ВИП 994 000 сум;

    - бизнес 751 000 сум;

    - эконом 484 000 сум;

    Ташкент - Қаршы

    - ВИП 854 000 сум;

    - бизнес 634 000 сум;

    - эконом 406 000 сум.

    Ташкент - Самарқанд

    - ВИП 619 000 сум;

    - бизнес 450 000 сум;

    - эконом 294 000 сум.

    Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты тараўын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-329-санлы қарарына муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап жоқары тезликтеги ҳәм тез жөнелисли поездларда жолаўшыларды тасыў хызметлери тарифлерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў әмелиятынан ўаз кешиў, сондай-ақ, оларды базар принциплери тийкарында тәртипке салыў механизмине өтилди.