10-июльдан субсидия ушын арзалар қабыллаў басланады

    Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар алыў ушын арзаларды қабыллаў 10-июль күни саат 9:00 ден басланады, деп хабар берди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң баспасөз хызмети.

    Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz арқалы тапсырыў мүмкин.

    Талаплар:

    Арза бериўши ҳәм/ямаса кепилдиң орташа дәраматы төмендегише болыўы керек:

    Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда - ең кем мийнет ҳақының 2,7 есесинен (3,118 миллион сум) 8 есесине шекем (9,24 миллион сум);

    Ташкент қаласы - ең кем мийнет ҳақының 2,7 есесинен (3,12 миллион сум) 9,2 есесине шекем (10,63 миллион сумға шекем).

    Арза бериўши ҳәм зайыбының атында турақ жай болмаўы керек.

    Социаллық қорғаўға мүтәжлер ушын өз алдына нормалар бар.

    Еслетпе: Субсидия алыў ушын арза бериўшиниң социаллық нормалар тийкарында кеминде 30 балл топлаған болыўы керек.

    Субсидия алыў ушын арза қалдырыў ушын төмендеги мәнзиллерге мүрәжат етиў керек:

    мәмлекетлик хызметлер орайларына.

    my.gov.uz порталы арқалы онлайн.

    Дәслепки төлемди қаплаў ушын субсидиялар ҳәм процентлердиң бир бөлеги Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен бес жумыс күни ишинде төленеди. Алдын төлемлер есабат айының 25-күнинен алдын әмелге асырылатуғын еди.

    2025-жылы 8,1 миллион квадрат метр майданға ийе 135 мың квартира қурыў режелестирилмекте.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates