Экономика ҳәм қаржы министрлигинен мәлим етилиўинше, төлемлер бурын белгиленген мақсетли көрсеткишлер шеңберинде нәзерде тутылған қаржылардың пайдаланылмаған бөлеги есабынан әмелге асырылады.

Бағдарламада қатнасыў ушын талабан социаллық критериялар тийкарында баҳалаў нәтийжелери бойынша кеминде 30 балл топлаўы керек. Сондай-ақ, арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасы (күйеўи) Өзбекстан Республикасы аймағында мүлк етип алынған турақ жайға ийе болмаўы, шаңарақтың орташа айлық дәраматы белгиленген талапларға муўапық болыўы керек.

Сондай-ақ, мүрәжат етиўшиниң кредит тарийхы бағдарламада қатнасып атырған коммерциялық банклердиң кеминде биреўиниң талапларына муўапық болыўы керек. "OneID" системасы арқалы арза бериўде шахсқа тийисли финанслық мағлыўматларды бериўге разылық бериў керек. Бундай келисим болмаған жағдайда арза көрип шығылмайды.

Субсидия алыў ушын арзаны төмендеги усылларда тапсырыў мүмкин:

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы;

myGov мобиль қосымшасы арқалы;

my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы.