Елимизде пуқаралардың өзине тийисли, бирақ ҳүжжетсиз ямаса өзбасымшалық пенен өзлестирилген мыңлаған жер майданы ҳәм онда қурылған турақ жай бар. Адамлар өзи пайдаланып киятырған жеке меншик мүлкти рәсмийлестирип алыўы жыллар даўамында ең үлкен машқалалардан бири болып келди. Оған турақ жай ямаса жерге байланыслы ҳүжжетлердиң жойтылып кеткени ямаса толық емеслиги, пуқаралардың өз ўақтында мүрәжат етпегени, қалаберди, бул бағдарда системалы жумыслардың орынланбағаны сыяқлы көплеген факторлар себеп болмақта. Қалаберди, бул бағдарда анық ҳуқықый тийкар жоқ еди.

Усы жағынан мәмлекетимиз басшысы 2024-жыл 5-августта қол қойған "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам мыңлаған ўатанласларымыз күткен тарийхый ҳүжжет болды. Өткен жылы ноябрьден күшке кирген нызам тийкарында қысқа мүддетте Кадастр агентлиги жуўапкершилигинде мәмлекетимиз бойлап үйрениў жумыслары баслап жиберилди. Дәслепки нәтийжелерге бола, ҳуқықый ҳүжжети жоқ ямаса толық емес 3 миллион 600 мыңнан аслам жер участкасы бар екенлиги анықланған еди. Буннан соң Кадастр агентлиги тәрепинен ўәлаят ҳәкимликлериниң усынысы бойынша тастыйықланған реже-график тийкарында шөлкем хызметкерлери орынларға шығып, хатлаў процесин баслап жиберди.

Адамлар бул процессте үлкен қызығыўшылық пенен қатнаспақта, мыңлаған ўатанласларымыз өз мүлклерин нызамлы түрде рәсмийлестириў тилегинде. Ақырында ҳәрекеттиң дәслепки унамлы нәтийжелери ҳаққында хабарлар тарқалды. Усы жыл 1-апрельде Бухара ўәлаятының Жандар районында 5 пуқараның турақ жай ҳәм жер участкасына ийелик ҳуқықы рәсмий тән алынып, кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилди. Бул бойынша Халық депутатлары Бухара ўәлаятлық кеңесиниң қарары қабыл етилип, кадастр ҳүжжетлери өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.

Бул тек ғана мүлк ийелери емес, ал басқа да ўатанласларымызды да қуўандырды. Хабар социаллық тармақларда тарқалғаннан соң, көпшилик "Мине буны жаңалық десе болады! Енди ҳәмме өз үйине ийе болатуғын болыпты. Бундай жақсы хабарды басқа аймақлардан да күтип қаламыз", деген пикирлер қалдырмақта.

- 2005-жылдан берли шаңарағымыз бенен усы үйде жасап келмектемиз, - деди Жандар районы "Оқтепа" МПЖда жасаўшы Озод Ҳакимов. - Үйимиз бар болғаны менен, оған ийелик етиў ҳуқықымыз жоқ еди. Сол себепли, 20 жылдан берли турақ жайымыз, қыйтақ жеримиздиң ҳүжжети жоқлығынан қыйналып киятырған едик. 2019-жылы өзбасымшалық пенен ийелеп алынған турақ жай ҳәм жерлерге кадастр ҳүжжети бериў бойынша акция өткерилген еди, буннан пайдалана алмадық. Кейин ала Президентимиз тәрепинен нызамға қол қойылып, күшке кирди. Кадастр хызметкерлериниң өзи үйимизге келип, хатлаў жумысларын орынлады. Оның ушын биз ҳеш жаққа жуўырып, әўере болмадық. Бир мүддет өтип, 396,25 квадрат метр имарат-объект майданы ушын мүлк ҳуқықы тән алынған қарар қолымызға тапсырылды. Жигирма жыллық нийетимиз әмелге асқанынан жүдә қуўандық.

Басқа аймақларда процесс қандай?

Енди бул пуқаралар өз мүлкиниң нызамлы ийелерине айланды. Соның менен бирге, оларда өз турақ жайын басқа шахсқа саўға етиў ямаса сатыў, шаңарақ ағзаларын турақлы дизимге қойыў сыяқлы ҳуқықлар да пайда болды. Қалаберди, үйин оңлаў ямаса қосымша қурылыс ислеў ушын жеңиллетилген кредитлер алыўы, турақ жай жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылған болса, нызамға муўапық компенсация талап етиўи мүмкин.

Мыңлаған ўатанласларымыз әне усындай ҳуқыққа ийе болыў тилегинде. Нызамда да бул тәреп нәзерде тутылған болып, 2028-жылға шекем ҳүжжетлестириў жумысларын толық жуўмақлаў белгиленген. Оның ушын Кадастр агентлигиниң хызметкерлери мәҳәллелерде болып, ҳәр қандай ҳаўа-райы шараятына қарамастан, хатлаў жумысларын орынламақта. Нызам менен 8 категориядағы объектлер ушын мүлк ҳуқықын рәсмийлестириўге рухсат берилген. Олар 2018-жыл 1-майға шекем өзбасымшалық пенен иеленген жер участкасы ҳәм онда қурылған имарат ҳәм объектлер, майданнан артықша ийеленген жер участкасы ҳәм онда қурылған турақ жайлар, "бир мәртелик акция" шеңберинде ҳуқықларды тән алыў ақырына жетпеген мүлклер ҳәм басқаларды өз ишине алады.

Нызамда "өзбасымшалық пенен ийеленген" деген сөз айрықша атап өтилген болып, бул көпшилик түсингендей, нызамсыз ийеленген жер ямаса турақ жайды аңлатпайды. Гәп сонда, нызамшылықта ҳүжжетлери сақланбаған жер ямаса имарат-объектлерге де "өзбасымшалық пенен ийеленген" деген тәрийп қолланылады. Мәселен, өткен әсирде ажыратылған жердиң көбиси усындай жағдайда, яғный қандай да бир себепке бола ҳүжжети сақланып қалмаған, пүткиллей жоқ болып кеткен. Олардың барлығы тийисли тәртипте үйренилип, нызамлы шешимлери бериледи.

Бирақ бул ҳәмме ҳүжжецтсиз мүлкке ийелик ҳуқықы тән алынады, дегени емес. Бул бойынша нызамда тийкарғы шәртлер ҳәм талаплар анық белгиленген. Мәселен, жер басқа шахсқа ажыратылмаған ямаса аукционға шығарылмаған болыўы, жер бойынша келиспеўшилик болмаўы, бас реже талапларына қайшы келмеўи ҳәм басқа да факторлар есапқа алынады.

Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға байланыслы мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди келисиў Кадастр агентлигиниң автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылмақта. Бул системаға 18 ўәкилликли шөлкем де тийисли мағлыўматларды киргизеди. Топланған ҳүжжетлердиң толықлығы ҳәм нызамлылығы ўәлаятлық әдиллик басқармасы тәрепинен тексериледи. Олардың нәтийжеси мәҳәлле мүйешлери, Кадастр агентлигиниң сайты арқалы жәмийетшиликке жәрияланады. Унамлы жуўмақ шыққан пуқараларға SMS хабарнама жибериледи. Ол тийкарында бир мәртелик төлем төлегенлердиң ийелик ҳуқықы ҳәр шеректе Халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң қарары тийкарында тән алынады.

Ҳүжжетсиз мүлкке кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў анық тәртип тийкарында үйренилип, бир неше басқышта көрип шығылады. Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта додалаўдағы ҳүжжетлер саны 59 мың 30, жәмийетшиликке жәрияланғанлары 11 мың 56, көрип шығылып атырғанлары 438, процесстеги жерлер саны 637, тән алынғанлары болса 5.

- Нызам тийкарында елимиз бойлап хатлаў жумыслары турақлы ҳәм жеделлик пенен орынланбақта, - дейди Кадастр агентлиги директорының мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Неъматжон Отамуродов. - Бул ушын 4 мыңнан аслам кадастр хызметкери тартылған. Хатлаў нәтийжеси барлық мәмлекетлик уйымлар интеграцияланған бирден-бир платформа - etirof.kadastr.uz сайтына киргизилип барылмақта. Ўатанласларымыз бул ашық система арқалы процессти тиккелей бақлаўы мүмкин. Егер пуқараның мәҳәллесинде хатлаў өткерилген болса, әне усы процесс ҳәм бул бойынша мәмлекетлик уйымлардың жуўмақлары, ашық картадан жер майданының шегарасын көрип, ҳәттеки өз наразылығын дизимнен өткен ҳалда ямаса электрон гилт арқалы кирип қалдырыўы ушын имканият жаратылған. Себеби, хатлаў процесиниң өз мүддетинде өтиўи тек ғана кадастр хызметкерлерине емес, ал ўатанласларымызға да байланыслы. Олардан процессте белсене қатнасыў соралады. Соның ишинде, хатлаў өткерилип атырған мәҳәллелердеги шаңарақларда жасы үлкен, кадастр ҳүжжетлеринен хабардар адамлар болса, мағлыўматларды дурыс ҳәм толық алыўда кадастр хызметкерлерине жәрдемлессе, мақсетке муўапық болар еди. Себеби, бир мәҳәллени сапластырмай турып, басқасына хатлаўға өтилмейди. Мағлыўматлар қаншелли тез топланса, жумыс соншелли тезлеседи. Процессте мыңлаған ўатанласларымыздың өз мүлкине ийелик етиў ҳуқықы нызамлы түрде тән алынып, халқымыз хатлаў нәтийжелеринен разы болады.

Бул әмелияттың баҳасын жыллар даўамында өз үйинде жасап, мүлктиң ийеси екенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерге ийе болмағанлар жақсырақ түсинеди. Итибарлысы, елимизде бундай адамлар он ямаса жүз адам емес, ал мыңлаған екени есап-санақ етилген. Буннан кейин басқа бағдарларда да жүзеге келген машқалалардың ақыры көринбейди.

Бул нызамның орынланыўы қатаң қадағалаўға алынғаны, мақсет анық нәтийжеге ерисиў екени соннан. Бул тарийхый ҳәрекет артынан пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тән алынады. Базарда нызамлы капитал айланысы пайда болады. Адамлар арасындағы мүлклик келиспеўшиликлер, соның ишинде, мийрасқа байланыслы келиспеўшиликлерге шешим табылады. Сондай-ақ, турақлы дизимге алыў, материаллық жәрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў сыяқлы социаллық машқалалар және имарат ҳәм объектлерди коммуналлық тармақларға жалғаў бойынша мәселелер де шешиледи. Онда әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге бирлемши ўазыйпа сыпатында қаралмақта.

Ирода ТОШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы