Илаж Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм БМШтың Қоршаған орталық бойынша бағдарламасына ағза мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириўди додалаў майданына айланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов климаттың өзгериўи, жерлердиң деградациясы, биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болыўы, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги регионаллық ҳәм глобаллық дәрежедеги ҳәрекетлерди бирлестиргенде ғана турақлы раўажланыўға ерисиў мүмкин болған жаңа реаллықты қәлиплестирип атырғанын атап өтти.

Өзбекстанның экологиялық сиясатына айрықша итибар қаратылды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиўге қаратылған "жасыл" трансформация стратегиясы әмелге асырылмақта. "Жасыл мәкан", "Шығындыдан жырақ аймақ", "Экологиялық мәденият", "Биологиялық мийрас", "Таза ҳаўа" сыяқлы әҳмийетли жойбарлар усылардың қатарына киреди.

ШБШ мәмлекетлериниң үлкен бөлеги глобаллық шаң поясында жайласқаны, бул болса шөлистанласыў, шаң-қум боранлары ҳәм ҳаўаның трансшегаралық патасланыўы машқалаларын улыўма регионаллық ўазыйпаға айландырып атырғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен ШБШ ҳәм ЮНЕП бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарлары - шаң боранлары ҳәм ҳаўаның патасланыўы ҳаққында ерте ескертиў системаларын раўажландырыў, жерлердиң деградациясына қарсы гүресиў, биокөптүрлиликти сақлаў, шығындыларды басқарыўды жетилистириў усыныс етилди.

Экологиялық мониторинг ҳәм қәўип-қәтерлерди прогнозлаўда заманагөй технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллект ҳәм космослық мағлыўматларды қолланыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Сессия жуўмағында келеси бирге ислесиўдиң әмелий тийкары болатуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Секретариаты ҳәм БМШтың қоршаған орталық бойынша бағдарламасы арасындағы өз-ара түсинисиў меморандумын әмелге асырыў бойынша Илажлар режесине қол қойылды.

Жуўмағында Өзбекстан тәрепи халықаралық бирге ислесиўшилерди Өзбекстанда болажақ экологиялық илажлар, соның ишинде, Глобал екологиялық қорының 8-ассамблеясы ҳәм «Eco Expo Central Asia 2026» көргизбесинде қатнасыўға мирәт етти.