- "Өзбекнефтгаз" АЖ тәрепинен энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 135 миллион киловатт саат электр энергиясы үнемленип, реже 107 процентке орынланды.
Системадағы кәрханаларда электр энергиясынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 27,2 МВт қуяш фотоэлектр станциясы, 113,9 мың литр қуяш суў ысытыўшысы, 13 мың 235 дана светодиодлы лампа, 1 мың 951 дана қуяш панелли жақтыландырыў шырағы ҳәм 1 мың 103 дана сенсорлы датчик және 4 мың 696 метр квадрат гофра панели орнатылды.
Тәбийий газ жанылғысын үнемлеўге қаратылған илажлар нәтийжесинде 57 миллион куб метр тәбийий газ жанылғысын үнемлеўге ерисилди. Бул режеге салыстырғанда 120 процент көп нәтийже дегени.
Тәбийий газди үнемлеў мақсетинде сеолитли тазалаў ҳәм кептириў үскенелери, күкирт алыў үскенелери, қазанханалардағы пуў қазанларын ыссы резервке тоқтатыў арқалы газдиң жумсалыўын үнемлеў ҳәм пуўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажлар әмелге асырылды.
Өндирис процесслерин модернизациялаў ҳәм оптималластырыўға үлкен итибар қаратылыўы нәтийжесинде тек ғана энергия жумсалыўлары азайтылмастан, ал қоршаған орталыққа болған тәсири де минималластырылды.
Буннан тысқары, Шортан нефть ҳәм газ қазып шығарыў басқармасына қараслы Шортан кәнинде иске қосылған еки қудық ҳәм қурылып атырған еки қудықтың киши компрессор станциялары сыртқы электр тәмийнаты ушын жаңа 110 кВ ҳаўа тармағы ҳәм 110/35/6 кВ "Шортан-40" подстанциясы қурылып иске түсирилди. Мүбәрек нефть ҳәм газ қазып шығарыў басқармасына қараслы Сомонтепа кәнинде сыртқы электр тәмийнаты ушын жаңа 110 кВ ҳаўа тармағы ҳәм 110/6 кВ "Сомонтепа" подстанциясында қурылыс-монтажлаў жумыслары дерлик 95 процентке орынланды.