Онда 2000-2023-жыллар аралығында дүнья халқының өмир көриў даўамлылығы, өлим себеплери ҳәм кеселликлер менен байланыслы өзгерислер талланған.

Атап өтилиўинше, COVID-19 пандемиясы ақыбетлеринен соң дүньяда орташа өмир сүриў даўамлылығы және пандемияға шекемги көрсеткишлерге жақынласқан. Яғный 73,3 жасқа жеткен.

Бирақ жуқпалы болмаған кеселликлердиң өлим жағдайларындағы үлеси барған сайын артып бармақта. Атап айтқанда, 2000-жылы барлық өлимшиликлердиң 58 проценти жуқпалы болмаған кеселликлер үлесине туўра келген болса, 2023-жылы бул көрсеткиш 74 процентке жеткен.

Соның менен бирге, саламат өмир сүриў даўамлылығы 62,8 жасты қурап, 2019-жылға салыстырғанда бираз төменлеў бақланған.

Буннан тысқары, Альцгеймер кеселлиги ҳәм басқа да деменциялар менен байланыслы өлимшиликлер 2000-2023-жылларда үш есеге көбейген. Соның ишинде, деменция 2023-жылы дүнядағы өлим себеплери арасында 5-орынға көтерилген.

ЖДСШ мағлыўматларына бола, 2019-2023-жылларда депрессив бузылыўлар менен байланыслы кеселликлер 20 процентке артқан.

Есабатта атап өтилиўинше, бул тенденциялар мәмлекетлерде жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасы, ерте диагнозлаў, руўхый саламатлық ҳәм халықтың саламат өмир сүриў даўамлылығын арттырыўға және де үлкен итибар қаратыўды талап етеди.

Еслетип өтемиз, 2025-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетимизде халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы 75,4 жасты қурамақта. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында бул көрсеткишти 78 жасқа жеткериў мақсет етилген.

ДСМ Баспасөз хызмети.