Бийтәкирар Әзербайжан жерине және бир мәрте сапар етиў ҳәм Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң жетинши саммити қатнасыўшыларын қутлықлаў бахтына миясар болғанымнан оғада қуўанышлыман.
Бәринен бурын, Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевке шын жүректен қабыллағаны ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳәзирги қыйын дәўирде Сизиң табыслы басшылығыңызда Әзербайжан жедел раўажланбақта, оның дүньядағы абырайы ҳәм статусы артпақта, туўысқан халқыңыздың абаданлығы избе-из өспекте. Бул бизде мәмлекет басшысына болған жоқары ҳүрмет сезимлерин күшейтпекте.
Сондай-ақ, биз Әзербайжанның усы Кеңестеги нәтийжели басшылығын жоқары баҳалаймыз. Бул дәўирде Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес шеңберинде өз-ара сөйлесиўимиз және де мазмунлы түс алып, әмелий нәтийжелерге бай болды.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Ҳәммемиз гүўамыз, бүгинги күнде дүнья терең геосиясий өзгерислерди басынан өткермекте.
Жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта. Бул жағдай бизден және де тығыз бирге ислесиў ҳәм биргеликте қарарлар қабыл етиўди талап етеди.
Әсиресе, Азияның түрли аймақларындағы қураллы келиспеўшиликлер бәршемизди терең тәшўишке салмақта. Олардың ақыбетлери келиспеўшилик аймағынан шығып кетпекте, сиз бенен биз жасап атырған регионның қәўипсизлигине үлкен зыян жеткермекте, глобаллық экономикаға зыян жеткермекте ҳәм миллионлаған инсанлардың өмирине унамсыз тәсир көрсетпекте.
Бизиң бул бағдардағы позициямыз анық ҳәм қатаң: ҳәр қандай келиспеўшиликлер тек ғана тыныш жол менен, сиясий-дипломатиялық қураллар арқалы, халықаралық ҳуқық ҳәм барлық тәреплердиң мәплерин есапқа алған ҳалда шешилиўи зәрүр.
Материгимизде келиспеўшиликлердиң және де кескинлесиўине жол қоймаў оғада әҳмийетли. Биз Жақын Шығыстағы қарама-қарсылық ҳәм Газадағы гуманитар жағдайды үлкен тәшўиш пенен бақлап барып атырмыз. Бул регионда тезирек тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы тәрепдарымыз.
Қарым-қатнас төменлеген жерде надурыс қарарларды қабыл етиў қәўпи артады. Соның ушын биз сиясий келиспеўшиликлер қураллы соқлығысыўларға айланып кетпеўи ушын барлық имканиятларды иске қосыўымыз зәрүр. Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң орны ҳәм тәсир күшин әне сонда көремиз. Кеңестиң тийкарғы мақсети Азияда өз-ара бирге ислесиўдиң тутас инфраструктурасын қәлиплестириў болыўы керек.
Бул жерде сөз өз-ара үйлесимли ҳәм алдыннан болжаў мүмкин болған ҳәрекетлер, мойнымызға алған миннетлемелерди орынлаў тийкарындағы қатнасықлардың турақлы системасын жаратыў ҳаққында бармақта. Бул келиспеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм өз-ара мақул шешимлерди табыў имканиятын береди.
Усы мүнәсибет пенен биз Азияда исеним инфраструктурасын қәлиплестириў концепциясын ислеп шығыўды усыныс етемиз. Бул ҳүжжетте Кеңести узақ мүддетли раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, мәмлекетлер арасында өз-ара байланыслылықты ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық илажлар белгилеп берилиўи керек. Атап айтқанда, транспорт ҳәм энергетика бойынша биргеликтеги жойбарлар, саўда ҳәм санлы байланысларды раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар үлкен әҳмийетке ийе.
Сиясий жағдай қандай болыўына қарамастан, мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним қатнасықларымыздың турақлы ҳәм беккем тийкарына айланыўы шәрт.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ҳәзирги жедел технологиялық раўажланыў ҳәм климат өзгерислери бәршемиздиң алдымызға жаңа ўазыйпаларды қоймақта.
Бизге белгили, жасалма интеллект күнделикли турмысымызды тез өзгертип атыр. Ол шексиз имканиятларды жаратыўы менен бирге, үлкен қәўип-қәтерлерди де келтирип шығармақта.
Енди биз санлы раўажланыў ҳәммеге бирдей пайда келтириўи, технологиялық раўажланыўдағы айырмашылық қысқарыўы ушын бар имканиятларды жумсаўымыз зәрүр. Усы мақсетте Технологиялық исеним ҳәм жасалма интеллекттен жуўапкершиликли пайдаланыў бойынша Азия басламасын алға қоямыз. Бул ушын Кеңес шеңберинде Экспертлер майданын шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Онда мәмлекетлеримиз қәнигелери улыўма усынысларды ислеп шығыўы ҳәм әмелий илажларды келисип алыўы мүмкин болады.
Соның менен бирге, Кеңес климаттың өзгерислерине бейимлесиўи ушын мәмлекетлердиң күш ҳәм имканиятларын бирлестире алады, деп есаплаймыз. Бул ушын Климаттың турақлылығы тараўында бирге ислесиў бойынша басламаны усыныс етемиз. Бул суўды үнемлейтуғын технологияларды биргеликте енгизиў, “жасыл” энергетиканы раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықтың жағдайын турақлы бақлап барыў имканиятын береди. Усы тәризде итималлы қәўип-қәтерлерди азайтыўымыз ҳәм келешек әўладлар ушын тәбийий ресурсларды сақлап қалыўымыз мүмкин.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Өзбекстан Кеңестиң Инсан өлшеми бойынша координаторы сыпатында билимлендириў, мәденият ҳәм гуманитарлық тараўлардағы байланысларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта.
Биз келеси жылы Инсан потенциалын раўажландырыў бойынша форумды өткериўге таярмыз. Бул әнжуманда жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар жаратыў, сапалы билимлендириўден пайдаланыў, санлы трансформация шараятында инсан ҳуқықларын қорғаў сыяқлы мәселелерди айрықша көрип шығыў режелестирилмекте.
Бул тараўдағы биргеликтеги бирге ислесиўимиз және де избе-из болыўы ушын Кеңестиң жақын еки жылға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Келеси жылы Өзбекстан Қосылмаў ҳәрекетиниң жигирмаланшы саммитине басшылық етеди ҳәм мәмлекетимиз 2030-жылға шекем бул шөлкемге басшылық етеди.
Қосылмаў ҳәрекети ҳәм Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң мақсет ҳәм принциплери көп жағынан бир-бирине уқсас ҳәм жақын.
Ташкент саммити халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыў системасын қәлиплестириўде әҳмийетли ўақыя болатуғынына үмит етемиз. Бәршеңизди усы форумда қатнасыўға мирәт етемен.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Сөзимниң жуўмағында соны айрықша атап өтпекшимен: Өзбекстан Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң шөлкемлестириўшилик тийкарларын буннан былай да беккемлеў ҳәм оның режесин жетилистириў бағдарындағы жумысларды қоллап-қуўатлайды. Бул жерде алға қойылып атырған басламалар өзиниң әмелий орынланыўын табыўы әҳмийетли.
Пурсаттан пайдаланып, Лаостың Кеңеске ағза мәмлекет статусын алғаны мүнәсибети менен ҳүрметли Президент Тхонглун Сисулит Уллы Мәртебели Мырзаны қутлықлайман.
Кеңестиң Бас хаткери лаўазымына Әзербайжан ўәкилиниң кандидатурасын қоллап-қуўатлаймыз. Әзербайжан тәрепиниң Кеңеске басшылықты 2028-жылға шекем даўам еттириў нийетин қоллап-қуўатлаймыз. Бул жуўапкершиликли миссияны орынлаўда үлкен табыслар тилеймиз.