Энергетика министрлиги баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына бола, 2016-жылы республика тутыныўшыларына 45,7 миллиард киловатт саат электр энергиясы жеткерип берилген.

2017-жылы бул көрсеткиш 47,4 миллиард киловатт-саатты, 2018-жылы 50,5 миллиард киловатт-саатты қураған.

2019-жылы электр тәмийнаты көлеми 52,7 миллиард киловатт-саатты, 2020-жылы болса 55,8 миллиард киловатт-саатты қурады.

2021-жылы тутыныўшыларға 59,1 миллиард киловатт-саат электр энергиясы жеткерип берилген болса, 2022-жылы бул көрсеткиш 62,6 миллиард киловатт-саатты қураған.

Кейинги жылларда да өсиў пәтлери сақланып, 2023-жылы 66,1 миллиард киловатт саат, 2024-жылы 67,5 миллиард киловатт саат электр энергиясы менен тәмийинленген. 2025-жылы болса республика тутыныўшыларына жәми 71,0 миллиард киловатт саат электр энергиясы жеткерип берилди.

Таллаўларға бола, 2025-жылы тутыныўшыларға жеткерип берилген электр энергиясы көлеми 2016-жылға салыстырғанда 25,3 миллиард киловатт саат ямаса 55 процентке көп болған. Бул елимиздиң энергетика системасын раўажландырыў, электр тәмийнатының исенимлилигин арттырыў, экономика ҳәм халықтың өсип баратырған талабын қанаатландырыўға қаратылған илажлар нәтийжели әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.