Өзбекстанда халық тәрепинен финанслық хызметлерден пайдаланыўды кеңейтиўге қаратылған бир қатар реформалар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-марттағы ПҚ-3620-санлы "Банк хызметлериниң ғалаба ен жайдырылыўын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы, 2019-жыл 23-июльдеги ПҚ-4400-санлы "Микрофинанслық хызметлердиң ғалаба ен жайдырылыўын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарлары, сондай-ақ, "2021-2023-жылларға мөлшерленген Финанслық хызметлердиң ғалаба ен жайдырылыўын арттырыў миллий стратегиясы" қабыл етилди.
Өткен 4 жыл даўамында халық тәрепинен өз дәраматларын банк депозитлерине жайластырыў дәрежеси артты. 2024-жылдың 1-декабрь ҳалатына бола коммерциялық банклер тәрепинен халықтан тартылған миллий валютадағы депозитлер қалдығы 2021-жылдың басына салыстырғанда 4,1 есеге (21,4 трлн. сумнан 86,7 трлн. сумға), сырт ел валютасындағы депозитлер қалдығы болса 2,6 есеге (993,3 млн. АҚШ долларынан 2,6 млрд. АҚШ долларына) өсти. Сондай-ақ, 2021-жылы халықтың жәми дәраматларының 4,7 проценти қор ҳәм мүддетли депозитлерге жайластырылған болса, 2023-жылдың ақырына келип, бул көрсеткиш 8,6 процентке жетти.
Буннан тысқары, 2024-жылдың январь-ноябрь айларында ажыратылған жәми кредитлердиң көлеми 2021-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2,6 есеге (36,1 трлн. сумнан 93,4 трлн. сумға), соннан, тутыныў кредитиниң көлеми 1,9 есеге (8,9 трлн. сумнан 16,9 трлн. сумға), микроқарызлардың муғдары 4,5 есеге (9,1 трлн. сумнан 40,7 трлн. сумға) және ипотека кредитлери 1,8 есеге (8,1 трлн. сумнан 14,8 трлн. сўмға) артты.
Сондай-ақ, аралықтан банк хызметинен пайдаланыўшылардың саны сезилерли дәрежеде артқан. 2024-жылдың ноябрь айында аралықтан банк хызметинен пайдаланыўшылардың саны 46,9 миллион адамға жетип, 2021-жылдың январь айына салыстырғанда 1,6 есеге көбейди.
Ҳақыйқатында да өткен 4 жыл даўамында қамсызландырыў шөлкемлери тәрепинен көрсетилген хызметлердиң көлеми де сезилерли дәрежеде артты. Мысал ушын, 2023-жылы қамсызландырыў сыйлықлары көлеми 2022-жылға салыстырғанда 30 процентке артқан болса, 2024-жылдың 9 айында бул өсиў 13 процентти қурады. Сондай-ақ, дүзилген шәртнамалар саны 2023-жылы 26,7 процентке, 2024-жылдың 6 айында 10,5 процентке көбейди.