Онда экономикалық өсиў пәтлерин және де жеделлестириў, аймақлар ҳәм тармақларда бар ишки имканиятларды толық иске қосыў, халықтың абаданлығын арттырыў және ҳәр бир басшының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Жыл басынан елимиздиң экономикасы 8,5 процентке өскени, санаатта 8 процент, хызметлер тараўында 16,9 процент, қурылыста 13,8 процент ҳәм аўыл хожалығында 4,7 процентке өсиў тәмийинленгени реформалардың салмақлы нәтийжеси болып есапланады. Инвестициялар көлеми 28 миллиард долларға, экспорт көрсеткиши 14,4 миллиард долларға жеткени, абырайлы халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен Өзбекстанның суверен кредит рейтинги жақсыланғаны мәмлекетимиз экономикасына исеним барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Бирақ, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, экономикалық көрсеткишлер тек ғана есабатлардағы санлар болып қалмаўы керек. Олар, бәринен бурын, адамлардың күнделикли турмысында, дәраматында, жасаў шараятында, мәҳәллелердиң абатлығында, исбилерменлик орталығында ҳәм халықтың ертеңги күнге исениминде көриниўи шәрт. Ҳәр бир министр, ҳәким ҳәм тармақ басшысы қандай жаңа резервлерди анықлағаны, оларды иске қосыў ушын қандай система жаратып атырғаны ҳәм жылдың ақырына шекем қандай анық нәтийжеге ерисилетуғынын көрсете алыўы зәрүр.

Мәжилисте мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў, халық ушын мүнәсип жасаў орталығын жаратыў ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жумысын жаңаша шөлкемлестириў бойынша белгиленген ўазыйпаларды толық қоллап-қуўатлаймыз. "Әҳмийетли 40 күнлик" шеңберинде ең аўыр 2 мың мәҳәлледе электр энергиясы, тәбийғый газ, жол ҳәм ишимлик суўы менен байланыслы мәселелерди шешиў бойынша ҳәкимлердиң жеке жуўапкершилиги белгиленгени орынлардағы машқалаларды мәнзилли сапластырыўға хызмет етеди.

Әсиресе, 8992 мәҳәлледе көше ҳәм шаңарақларды абаданластырыў, терек ҳәм нәллер егиў, салмаларды таза сақлаў бойынша анық миннетлемелер жүкленгени партиямыздың бағдарламалық мақсетлерине толық үнлес болып есапланады. Бирақ бул ўазыйпаларды тек ғана мәўсимлик шембилик ямаса қысқа мүддетли абаданластырыў илажлары сыпатында қабыл етиў керек емес. Егилген ҳәр бир теректиң күтими, суў менен тәмийинлениўи ҳәм сақланып қалыныўы, ҳәр бир салма ҳәм суў жолының турақлы тазаландырылыўы, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслаўдың алдын алыў турақлы қадағалаўда болыўы керек.

Мәжилисте энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги менен байланыслы мәселелер сын көзқарастан көрип шығылды. Алты ай даўамында электр энергиясының жоғалтыўлары 17,2 процентти ямаса 4,8 миллиард киловатт-саатты, газ тармақларындағы жоғалтыўлар болса 7,6 процентти, яғный 797 миллион куб метрди қурағаны үлкен қәўетер оятады.

Бул санлар тек ғана экономикалық зыянды емес, ал тәбийғый ресурслардан нәтийжесиз пайдаланыў ҳәм қоршаған орталыққа артықша басымды да аңлатады. Электр энергиясы ямаса тәбийғый газдиң ҳәр бир жоғалтылған бирлиги қосымша жанылғы жумсалыўы, артықша ыссыхана газлери шығарылыўы ҳәм мәмлекет қаржыларының нәтийжесиз жумсалыўы болып табылады. Сонлықтан, энергия тармақларын модернизациялаў, санлы есап ҳәм мониторинг системаларын енгизиў, энергия нәтийжели технологияларды кеңнен қолланыў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды арттырыў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа болып есапланады.

Бүгин жәҳән базарында өнимниң баҳасы менен бирге оның экологиялық өзгешеликлери, углерод изи, ресурс үнемлеўшилиги ҳәм өндирис процесиниң ашық-айдынлығы да әҳмийетли бәсеки факторына айланбақта. Демек, миллий санаатымыздың сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын "жасыл" стандартларға өтиў, экологиялық сертификатлаў ҳәм ең жақсы бар технологияларды енгизиў зәрүр.

Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери экологиялық турақлылық пенен тығыз байланыслы. Мыңлаған тонна картошка ҳәм басқа да өнимлердиң сатылмай қалыўы, айырым аймақларда суўытқышлы қоймаханалардың иске қосылмағаны тек ғана экономикалық жоғалтыў емес, ал жер, суў, мийнет ҳәм энергия ресурсларының да нәтийжесиз жумсалыўы болып есапланады. Жылдың ақырына шекем 87 мың тонна қуўатлылыққа ийе 340 суўытқышлы қоймахананы иске қосыў бойынша белгиленген ўазыйпа азық-аўқат ысырапгершилигин азайтыў ҳәм фермерлердиң мәпин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, шарўашылықты раўажландырыўда жер ҳәм суў ресурсларының имканиятлары, азықлық базасы, ветеринария қәўипсизлиги ҳәм қоршаған орталыққа тәсир мәселелери комплексли есапқа алыныўы зәрүр. Заманагөй шарўашылық комплекслеринде суўдан үнемли пайдаланыў, шығындыларды қайта ислеў, биогаз технологияларын енгизиў ҳәм жайлаўлар деградациясының алдын алыўға айрықша итибар қаратылыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде депутатлар белсенди болып, орынларда ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия шығынларын азайтыў, жасыл аймақларды кеңейтиў, мәҳәллелердиң абатлығы, экологиялық талапларға әмел етилиўи ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжели әмелге асырылыўы үстинен парламентлик қадағалаўды алып барамыз.

Абдушукур ҲАМЗАЕВ,

Өзбекстан Экологиялық партиясының

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы

фракциясы басшысы