баннер
24 Apr 2025
08:40

    2024-жылы бюджет дәраматлары 18,4 процентке көбейди - Жамшид Қўчқоров

    11 Fevral 2025 406

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2024-жыл жуўмақлары орынланыўы бойынша есабатын көрип шықты.

    Мәжилисте экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров мәлимлеме берди.

    - Мәмлекетлик бағдарламадағы тийкарғы бағдарлар ҳәм мақсетлердиң өз ўақтында сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық зәрүр илажлар көрилген. 2024-жылдың жуўмағында жалпы ишки өним өткен жылға салыстырғанда 6,5 процентке артып, 115 миллиард долларға жетти. Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 274,4 триллион сумға жетип, 18,4 процентке көбейди. Жыллық инфляция дәрежеси 9,8 процентти қурады.
    Сырт ел инвестицияларының көлеми алдынғы жылға салыстырғанда дерлик 1,6 процентке көбейиўине ерисилди. Экспорт биринши мәрте 27 миллиард долларға жетти. Таў-кән, нефть-газ, химия, аўыл хожалығы тараўларында инвестициялардың көлеми еки есеге көбейди.
    Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларын арттырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар өз нәтийжесин бермекте. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси 2023-жылдағы 11 проценттен 2024-жылы 8,9 процентке қысқарыўына шараят жаратылды, -деди Жамшид Қўчқоров.
    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech