Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, транспорт хызметлери көлеминиң өсиў динамикасы (млрд. сум) төмендегише:
2020-жыл - 53 662,9
2021-жыл - 67 238,6
2022-жыл - 83 985,6
2023-жыл - 114 553,3
2024-жыл - 145 124,4
Транспорт секторының турақлы өсиўи төмендегилер менен байланыслы:
Логистика ҳәм транспорт инфраструктурасының жақсыланыўы
Тасыў тараўына заманагөй санлы технологиялардың енгизилиўи
Тараўға инвестицияларды жедел тартыў.
Транспорт министрлиги транспорт системасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, хызметлердиң сапасын арттырыў, бизнес ҳәм халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша жумысларды даўам еттиреди.









