2016-жылдан баслап халық пенен пикирлесиўдиң жаңа системасы жолға қойылды, инсан қәдири ҳәм мәплери реформалардың бас мақсети етип белгиленди. 2020-жылы биринши мәрте жәмийетте кәмбағаллық бар екенлиги тән алынып, өткен дәўирде оны қысқартыў бойынша анық система әмелиятқа енгизилди.
Кәмбағаллықты сапластырыўдың ең дурыс ҳәм нәтийжели усылы халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў болып есапланады. Адамлар ушын оларға мүнәсип ҳәм дәраматы жоқары жумыс орынларын жаратыў - мақсетке қарай исенимли қәдем. Буның ушын аўыллық жерлерде исбилерменликке зәрүр шараятлар, инфраструктура, бизнес ушын қолайлы орталық жаратыў керек. Яғный, бул халықта исбилерменлик руўхын оятыў, инсанның ишки күш-қуўаты ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли социаллық-экономикалық сиясат жүргизиў, дегени.
Мәмлекетимизде болып атырған реформалардың тийкарғы мақсети кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў арқалы инсан қәдирин жоқарылатыўға қаратылды. Халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў, адамларды разы етиў жолында үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўға кирисилди.
Халықты социаллық қорғаў бағдарламалары менен қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм шаңарақларды аўыр турмыслық жағдайлардан алып шығыў, кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.
Өткен қысқа дәўирде кәмбағаллықты қысқартыў тараўында өзине тән миллий бағдарлама ислеп шығылды. Бүгин ол избе-излик пенен турмысқа енгизилмекте. Өз ўақтында көрилип атырған зәрүр илажлар себепли елимизде кәмбағаллық дәрежеси 2021-жылдағы 17 проценттен 2023-жылы 11 процентке азайған болса, 2024-жылдың жуўмағы менен 8,9 процентке түсирилди.
Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы жумыслардың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қолланба ўазыйпасын атқармақта. Оған бола, 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў мәмлекетлик социаллық-экономикалық сиясаты ҳәм барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши дәрежели ўазыйпасы етип белгиленди.
Быйыл 3-февраль күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша реформалардың жаңа бети ашып берилди, деп айтыў мүмкин.
Президентимиздиң айтқанындай, "2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады". Себеби быйыл 5 миллион 200 мың халықты бәнт етип, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў, 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў есап-санақ етилген.
Мәжилисте бул бағдарда басланған жумыслар ҳәм дәслепки нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, январь айында 277 мың пуқара жумыслы болған. Соннан 91 мыңы турақлы жумысқа жайласқан, 153 мыңы исбилерменликке тартылған.
Ҳақыйқатында да, қәдириятларымыз ҳәм мәмлекеттиң жәрдеминде кәмбағаллықты сапластырыў мәмлекетти раўажландырыўға алып баратуғын ең дурыс жол болып есапланады. Әлбетте, мәмлекетлик жәрдем, яғный социаллық қорғаў, экономикалық имканият ҳәм социаллық жуўапкершилик биргеликте берилгенде ғана унамлы нәтийжелерди береди.
Сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 32 бағдарда жаңа қатнаслар енгизилмекте. Министрлик ҳәм ҳәкимликлердиң қәнигелеринен ибарат топарлар Қытайға барып, тәжирийбе алмасып келди. Енди орынлардағы имканиятлар халыққа түсиндирилип, дәрамат табыўға жәрдем бериледи.
Жумыс орынларын жаратыў ҳәм инвестиция тартыў өз-ара байланыслы процесс. Быйыл дерлик 14 миллиард долларлық 8 мың жойбарды әмелге асырып, 272 мың турақлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Дәслепки есап-санақларға бола, өткен айда елимизге 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы келген. Февраль айында да сонша инвестиция алып келиў, 623 жойбарды иске қосыў нәзерде тутылған.
Бул киши сан емес. Негизинде гәп санның үлкен ямаса кишилигинде де емес. Ҳәмме гәп тартылып атырған инвестициялардан күтилип атырған нәтийжеде. Нәтийжеде, бул жойбарлар есабынан мың-мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылады, демек, сонша шаңарақларда жасайтуғын бир неше он мыңлаған ўатанласларымыздың жасаў шараятлары жақсыланады, реал дәраматлары және де артады.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 17-январьдағы "2025-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Себеби, ҳүжжетке тийкарланып, 2025-жылы халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў бағдарламасы шеңберинде 5,2 миллион пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў белгиленди. Яғный исбилерменлерди қаржылай қоллап-қуўатлаў, машқалаларын шешиў, жумысын кеңейтиў есабынан 1 миллион 470 мың, жумыссызларды бос жумыс орынларына жайластырыў арқалы 430 мың, ҳәр бир мәҳәлледе орташа 40 тан, жәми 377,6 мың микрожойбарды әмелге асырыў есабынан болса 755 мың жумыс орны жаратылады.
"Мәҳәлле жойбары" шеңберинде әпиўайыластырылған тәртипте жойбарларды қаржыландырыў ушын жаңа кредит өнимлерин енгизиў арқалы 250 мың, аймақларда драйвер жойбарларды иске қосыў есабынан 122 мың, микро санаат орайларын қурыў жойбарлары шеңберинде 21 мың, халыққа жер майданларын ижараға бериў, соның ишинде, "компания - кооператив - дийқан хожалығы" принципи тийкарында кооперациялар шөлкемлестириў есабынан 300 мың пуқара дәраматлы мийнет пенен тәмийинленеди.
Халықтың қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, фермер ҳәм дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаў арқалы 1 миллион 169 мың, инвестициялық жойбарлар тийкарында 290 мың, қурылыс тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў есабынан болса 169 мың ўатанласымызды дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.
Кәмбағаллықты кредит бериў ямаса пул тарқатыў менен қысқартып болмайды. Соның ушын кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша 2025-жыл 1-майға шекем ваучер системасы енгизиледи. 1-февральдан болса кәсиплерге оқытыў мақсетинде ажыратылатуғын стипендиялар майыплығы болған шахсларға мүддети 3 айдан көп даўам ететуғын оқыў курсларына қабыл етилген кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың жумыссыз ағзаларына төленеди.
Бул система дәслеп 1-февральдан Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында сынақтан өткериледи. Мәҳәллелерде кәмбағал шаңарақ ағзаларының жумыс ислеў тилеги ҳәм интакерлигин арттырыўға қаратылған "Абадан турмысқа биринши қәдем", "Исеним" жойбарлары ҳәм "Ағартыўшылық арқалы кәмбағаллықты қысқартыў" бағдарламасы әмелге асырылады.
Ҳүжжет пенен 2025-жылы халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў бағдарламасы ҳәм оның шеңберинде мақсетли көрсеткишлер де тастыйықланды. Бағдарламаның әмелге асырылыўын қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде 126 триллион сум қаратылады. Бул болса, өз гезегинде, мың-мыңлаған жаңа жумыс орнын жаратыў, бизнес орталығын жақсылаў, ең тийкарғысы, адамлардың турмыс шараятын және де жақсылаў, реал дәраматларын арттырыўға хызмет етеди.
Улыўма алғанда, мәжилис ҳәм усы қарарда белгиленген ўазыйпалардан көринип турғанындай, кәмбағаллықты қысқартыў жолында экономикалық өсиўдиң имканы болғанынша инклюзивлигин тәмийинлеў, экономикадағы жетискенликлер халық арасында тең бөлистирилиўине ҳәм буннан халықтың әззи қатламлары пайдаланыўына ерисиў мақсет етилген. Тек усы жол ғана анық нәтийжелерге алып келеди.
Анвар НУРМАТОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты