Тараў тарқалған болып, әдеўир итибардан шетте қалған еди.
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл август айындағы тийисли қарары бул машқаланың ақылға уғрас шешими болды. Бул ҳүжжетке бола, Республикалық қәнигелестирилген оториноларингология ҳәм бас-мойын кеселликлери илимий-әмелий медицина орайының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде медицинаның бул бағдары аймақларда өз филиалларына ийе болған бир пүтин системаға айланды.
Бүгинги күнге келип, мәкеме ҳәм оның орынлардағы филиаллары елимизде оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын кеселликлериниң профилактикасы, оларды ерте анықлаў және емлеў бағдарламаларын әмелиятқа енгизип келмекте.
2025-жылда орай өз алдына үлкен мақсетлерди қойған.
- Усы жылы қәнигелескен медициналық жәрдемди район дәрежесине түсириў ушын ҳәр бир ўәлаяттан 2 ден, жәми 28 район (қала) н үлгили ҳәм алдынғы аймаққа айландырыўға кирискенбиз, - дейди орай директоры Улуғбек Ҳасанов.
- Ҳәзирги күнлерде маман шыпакерлеримиз орынларда халықты медициналық тексериўден өткерип, жергиликли қәнигелер ушын шеберлик сабақларын шөлкемлестирмекте. Тәжирийбели шыпакерлеримиз елимиздиң алыс аймақларында болып, наўқасларды аўыр кеселликлерден айығыўына көмеклесилимекте.
Режеге муўапық, быйыл жоқары дем алыў жоллары өспе кеселликлери ерте скрининг етилип, емлеў протоколлары дүзиледи. Аймақларда ЛОР ағзалары ҳәм бас-мойын кеселликлерине қәнигелестирилген мультидиссиплинар қатнаслар ҳәм жоқары технологиялы әмелиятлар енгизиледи.
Соның ишинде, орайдың Бухара, Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятлары филиалларында микроскоп ҳәм эндоскопикалық техникалар жәрдеминде тимпанопластика әмелияты, Жиззақ, Самарқанд, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Бухара, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы филиалларында функционал эндоскопикалық синус хирургиясы операциялары жолға қойылады. Мәкемениң өзинде болса 5 диагностика ҳәм 5 емлеў усылы енгизиледи.
Аймақларда қулақ ҳәм мурын кеселликлерин ерте анықлаў, еситиў кемшилиги ҳәм арттырылған гереңликтиң алдын алыў, бас-мойын кеселликлерине мультидиссиплинар қатнаслар арқалы ерте басқышта диагноз қойыў көрсеткиши арттырылады.
Сондай-ақ, ўәлаятлық филиаллары ҳәм басқа да мәкемелердеги 100 шыпакер симуляция орайында оқытылып, 10 қәнигемиз сырт елдиң абырайлы клиникаларында қәнигелигин арттырады.
Өз-ара тәжирийбе алмасыў, мастер-класслар өткериў, жаңа технологияларды әмелиятқа енгизиў ҳәм аймақларда медициналық тексериўлер ҳәм операциялар өткериў мақсетинде Россия, Түркия мәмлекетлеринен 4 қәнигениң сапары әмелге асырылады.
Орайдың жетекши қәнигелери тәрепинен жыл даўамында ўәлаят филиалларында маман оториноларингологиялық ҳәм бас-мойын хирургиясы әмелиятлары орынланады. Россия, Түркия, Италия ҳәм Германияның жетекши медицина мәкемелери ҳәм клиникалары менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойылады.
Қалаберсе, медициналық туризмди раўажландырыў, мәмлекетимиз оториноларингологиялық хызметиниң абырайын арттырыў ҳәм сырт елли наўқаслар трафигин жеңиллестириў мақсетинде "жасыл коридор" электрон системасын енгизиў нәзерде тутылған.