Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар берди.

22-январь күни, 23-январь күни түнде ҳәм азанда Өзбекстан бойлап жаўын-шашын, тийкарынан қар жаўады. Жолларда айырым жерлерде муз қатады.

22-23-январь күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында қар, айрым жерлерде күшли болады.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, айырым жерлерде самалдың тезлиги 22-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

22-24-январьда түнде 3-8гр суўық, күндиз 3гр суўық-2гр жыллы; арқада түнде 12-15гр суўық, күндиз 2-5гр суўық.