баннер
23 Mar 2025
05:02

    23-27-март күнлери сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин

    23-25-март күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм салқын ҳаўа массалары кирип келеди.

    Өзгидромет бул ҳаққында ескертиў хабарын ислеп шықты.

    Усы жылдың 23-27-март күнлери күтилетуғын жаўын-шашынлар себепли республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында, соның ишинде:

    • Қашқадәрья ўәлаяты: Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;
    • Сурхандәрья ўәлаяты: Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музрабод районларында;
    • Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жамбай, Иштихан районларында;
    • Наўайы ўәлаяты: Хатирчи, Навбаҳор, Нурота, Конимех, Кармана районларында;
    • Жиззах ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шароф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;
    • Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
    • Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорған районларында;
    • Ферғана ўәлаяты: Сох, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;
    • Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқараларды, дем алыўшыларды ҳәмде таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшыларды абайлы болыў илажларын көриўин сораймыз.

    Республика аймағы бойынша жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин.

    23-25-март күнлери республика бойынша жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Республиканың таўлы аймақларында жаўын жаўады, қарға айланыў итималы бар.

    23-24-март күнлери айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде айырым ўақытлары 20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Күндизги ҳаўа температурасы әсте-ақырын 12-17 градус жыллыға шекем төменлейди.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech