"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты менен қар жаўады. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 1 градус суўық-1 градус жыллы, күндиз 1-3 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.
Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 2-7 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллы болады.
Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты қар жаўады, айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы болады.
Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты қар жаўады, айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшееди, айырым жерлерде 23-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 2-7 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде 23-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.
Республиканың таўлы аймақлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, ўақты-ўақты қар жаўады, айырым жерлерде күшли болады, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларында қар көшиўи қәўпи бар. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 0-5 дәреже суўық болады.
Еслетип өтемиз, алдынырақ "Өзгидромет агентлиги" усы жылдың 25-28-февраль күнлери Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларында қар көшиўи қәўпи бар екенин жәриялаған еди.