"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, бүгин республика бойынша айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Сурхандәрья ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы 25-28 дәреже, қублада 30-33 дәреже ыссы болады.

Дем алыс күнлери республика аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында ертең - 31-июнь күни айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы шемби күни 28-31 дәрежеге шекем, екшемби күни 32-35 дәрежеге шекем әсте-ақырын көтериледи.

Республиканың арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында самалдың 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин.

Ташкентте: бүгин күндиз ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, күнниң екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 26-28 градус жыллы болады.

Дем алыс күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Температура шемби күни 28-30 градус, екшемби күни 29-31 градус жыллы болады. Самал шығыстан 3-6 м/с тезликте еседи, бүгин күнниң екинши ярымында айырым жерлерде 8-10 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.