"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, азанда бираз қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи, 12-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 16-18 градус, күндиз 26-28 градус жыллы болады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшееди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 27-32 градус жыллы болады.

Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшееди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 27-32 градус жыллы болады.

Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Ташкент ўәлаятында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;

ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 15-20 градус, күндиз 30-35 градус жыллы болады.

Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;

Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшееди. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 18-23 градус жыллы болады.