Оның басламасы менен Мусылманлар басқармасының баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлары шығып сөйледи.
Баспасөз хызметиниң атап өтиўинше, быйылғы жылдың гүзи дерлик жаўын-шашынсыз өтпекте, синоптиклер болса жақын арада жаўын-шашын болыўын болжай алмай атыр. Усы мүнәсибет пенен мусылманлардың қурғақшылық ўақтында өткерилетуғын дәстүрий намазына итибар қаратыўға қарар етилди.
"Ислам тарийхында қурғақшылық ўақтында ал-истиқа намазы оқылғаны ҳәм оның нәтийжеси айқын болғаны айтылған" делинеди Мусылманлар мәкемесиниң хабарында.
Сондай-ақ, ўәлаятлар, қала ҳәм районлардағы орайлық мешитлерде, муқаддес орынларда қурбанлықлар шөлкемлестириледи. Гөш жәрдемге мүтәж шаңарақлар, жетим-жесир, кәмбағал, бағыўшысынан айырылған кекселерге тарқатылады.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары 28-ноябрь жума намазына шекем Имам ал-Бухарийдиң "Саҳиҳ ал-Бухарий" топламының "хатми кутуб" китабын оқып питкереди. Тарийхый дәреклерде жазылыўынша, Қурғақшылық ўақтында "Саҳиҳ" оқылыўы Аллаҳ тааланың қәлеўи менен жаўын жаўыўына себепши болған.
Сондай-ақ, усы күнлери Мекке ҳәм Мадинада болып турған бас имамлар ҳәм топар басшыларына муқаддес мешитлерде өз топарлары менен биргеликте ал-истиқа намазын оқыў усыныс етилмекте.
