баннер
21 Apr 2025
20:26

    Абдулазиз Комилов Италияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды

    Президенттиң сыртқы сиясат бойынша арнаўлы ўәкили, Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң орынбасары Абдулазиз Комилов "Италия Республикасы алдындағы хызметлери ушын" ордениниң "Офицер" дәрежеси менен сыйлықланды.

    Бул ҳаққында Италия Республикасы Президенти Бас секретариатының "Gazzetta Ufficiale" ҳүкимет газетасының рәсмий сайтында жәрияланған пресс-релизде мәлим етилди, деп хабар береди "Дунё" МА.

    Дизимге Италия ҳәм сырт еллердиң басқа да белгили ғайраткерлери киргизилген.

    Еслетип өтемиз, "Италия Республикасына хызметлери ушын" ордени Италияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы болып, 1951-жыл 3-мартта шөлкемлестирилген. Ол Италия пуқаралары ҳәм сырт еллилерди әдебият, көркем өнер, экономика, қайырқомлық, жәмийетлик ҳәм гуманитарлық жумыс тараўларында миллет алдындағы үлкен хызметлери ушын сыйлықлаў ушын мөлшерленген.

    Сыйлықлаў Италия Президенти тәрепинен Министрлер Кеңеси Баслығының разылығы менен әдетте жылына еки мәрте: 2-июнь (республика дүзилген күн) ҳәм 27-декабрь (Конституция күни) де әмелге асырылады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech