Әйемги Бухараның тарийхый естеликлери, өнерментшилик дәстүрлери, гастрономиялық мийрасы туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Жаңа орайда бул бай мийрасты заманагөй хызметлер менен бирлестириў, қалада ири халықаралық мәдений ҳәм исбилерменлик илажларын өткериў ушын шараят жаратыў нәзерде тутылған.

Усы жылдың январь айында Бухара қаласының бас режесин додалаў ўақтында Президентимиз мәдений жойбарларды әмелге асырыўды туризмди раўажландырыў, олардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм нәтийжели басқарыў менен байланыстырыў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Бул орай қала мийманлары ушын ҳәр қыйлы хызметлерди бир орында бирлестириўге де мөлшерленген.

Орай 50 гектар майданда қурылмақта. Жойбарға жәми 105 миллион доллар инвестиция бағдарлаў режелестирилген.

Жойбарға бола, бул жерде қабыллаў үйи, көргизбе залы, музей, 2 заманагөй мийманхана, 80 шаңарақлық мийман үйлери, 2 мың орынлық амфитеатр, 70 тен аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылады. Сондай-ақ, сейил етиў орайлары, өнерменчилик орайлары, жасалма көл қурылады. Имаратлардың архитектуралық көринисинде Бухара архитектурасының дәстүрлерин заманагөй архитектуралық шешимлер менен үйлестириў режелестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта 10 гектар майданда инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў жумыслары алып барылмақта. Бул процесске 50 ге шамалас арнаўлы техникалар тартылған.

Бул орай толық иске қосылғаннан соң 2 мың жумыс орны жаратылыўы, Бухараға туристлер ағымы 2 миллионға көбейиўи мөлшерленген. Есап-санақларға бола, жергиликли бюджетке жыллық түсимлер 288 миллиард сумды қураўы мүмкин.

Президентимиз бул жойбардың әҳмийети тек ғана жаңа объектлердиң қурылысы менен өлшенбейтуғынын атап өтти. Әсирлер даўамында илим, ағартыўшылық, саўда ҳәм өнерменчилик орайы болған Бухараның абырайына мүнәсип орталық жаратыў, оның бай мийрасын пүткил дүньяға және де кеңнен танытыў зәрүр. Жаңа орайдың ҳәр бир мийманы әйемги қаланың тарийхый руўхын сезиниўи ҳәм заманагөй раўажланыўын көриўи, бухаралылар болса туризмди раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат алыўы керек. Жуўапкерлерге жойбарды усы мақсетлерден келип шығып әмелге асырыў бойынша көрсетпе берилди.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысы Бухара инфраструктурасының 2027-жылы өткерилиўи режелестирилген саммитлерге таярлық бойынша есабатларын тыңлап, тийисли тапсырмалар берди.