Абдулла Арипов Адилбек Қасымалиев пенен телефон арқалы сөйлести

    Ҳүкимет 18 желтоқсан 2024 231

    Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Бас министри Адилбек Қасымалиевты Қырғызстан Бас министри етип тастыйықланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

    Бүгин, 18-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы -

    Президент Администрациясы Басшысы Адилбек Қасымалиев пенен телефон арқалы сөйлести.

    Бул ҳаққында Бас министрдиң баспасөз хаткери мәлим етти.

    Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Бас министри Адилбек Қасымалиевты Қырғызстан Бас министри етип тастыйықланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

    Сондай-ақ, Мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен ҳүкиметлер алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиў және саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыўға исеним билдирилди.

    Бурын Өзбекстан Бас министри қырғызстанлы кәсиплесине бул лаўазымға тастыйықланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў хатын жоллаған еди.