"Өзбекстан нефть ҳәм газ" халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов “China Energy Engineering Corporation” (СЕЕС) компаниясының бас директоры Ни Чжен менен ушырасыў өткерди.
Онда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик байланысларын беккемлеў, атап айтқанда, энергетика, инфраструктура ҳәм санаат тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўда СЕЕСтиң белсене қатнасыўын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Тәреплер электр энергиясын ислеп шығарыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў, заманагөй инжиниринг ҳәм қурылыс технологияларын енгизиў тараўларындағы бирге ислесиў перспективаларын ҳәр тәреплеме көрип шықты. Сондай-ақ, қурамалы технологиялық объектлерди қурыў, кадрлар таярлаў ҳәм санластырыўды кеңейтиў бойынша бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.