3-февраль күни Өзбекстанның Уллы Британиядағы, резиденциясы Лондонда жайласқан елшиханасына "Манчестер Сити" ағзасы Абдуқодир Ҳусанов барды.
Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши Равшан Усмонов пенен болып өткен қызғын сәўбетте жас футболшымыздың APL топ клубындағы жумысы, спорт тараўында басып өткен машақатлы жолы, қызығыўшылықлары ҳәм елимизде миллионлар ойынына қаратылып атырған айрықша итибар ҳаққында сөз болды.
Елши Абдуқодир Ҳусановты өзбек футболының мақтанышы деп атап, оның дүньяның ең күшли лигаларынан бириндеги табыслы жолы жас әўлад ушын үлкен илҳам дәреги болатуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, футболшы Ўатанының қоллап-қуўатлаўы қаншелли әҳмийетли екенин атап өтип, Өзбекстан атын жәҳән ареналарында абырайлы көрсетиў ушын және де көбирек мийнет етиўге ўәде берди.
Ушырасыўда, сондай-ақ, Өзбекстанда футболды раўажландырыў ҳәм жас талантлыларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық жойбарлар додаланды. Сөйлесиў өз-ара табыслар тилеп ҳәм спортшы менен ана Ўатан арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған жаңа режелер менен жуўмақланды.
"Манчестер Сити" клубы қорғаўшысы жерлесимиз Абдуқодир Ҳусановқа турақлы табыслар тилеймиз", - деп жазған дипломат социаллық тармақтағы бетинде.
Ушырасыў жуўмағында легионеримиз қолы қойылған 45-санлы футболкасын елшихана администрациясына естелик сыпатында саўға етти.