Uzbekistan Airports баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 27-август күни авиакомпанияның самолёты Өзбекстанға тири жүктиң биринши партиясын - улыўма салмағы 26,8 тонна болған нәсилли қойларды алып келген.
Ерисилген келисимлерге бола, усы жылдың ақырына шекем MIAT Cargo тәрепинен 106 рейс әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бул рейслер шеңберинде Монголиядан Өзбекстанға тири ҳайўанлар, кери жөнелисте аўыл хожалығы өнимлери алып келинеди.
Атап өтилиўинше, бурын Улан-Батор - Наўайы жөнелиси бойынша жүк тасыў «КАП Кей Джи» авиакомпаниясы тәрепинен әмелге асырылған болып, келешекте де пәрўазларды әмелге асырыўды даўам еттиреди.
Мағлыўмат ушын: MIAT Cargo - MIAT Mongolian Airlines мәмлекетлик авиакомпаниясының халықаралық жүк тасыўға қәнигелескен жүк бөлими.

