"Uzbekistan Airports"тың мәлим етиўинше, "Boeing 787" самолётының экипажы борттағы жолаўшылардан бириниң денсаўлығы төменлегени себепли альтернатив аэродромға жол алыўға қарар еткен.
Самолёт Ташкент ўақты менен саат 03:40 да Самарқандқа аман-есен қонды. Жолаўшыға - 1959-жылы туўылған Франция пуқарасына тез медициналық жәрдем көрсетилди. Дәслепки мағлыўматларға бола, оның инфарктке шалынғаны гүман етилген. Жолаўшы ҳәм оның еки жолдасы медициналық хызметкерлерге тексериў ҳәм емлеў ушын тапсырылды.
Керекли тәртип-қағыйдалар орынланғаннан соң, самолёт пәрўазын даўам еттирди. Ол жергиликли ўақыт пенен 05:11 де Самарқандтан Стамбулға ушты.