" MU6037" маркалы биринши рейс 30-март күни жергиликли ўақыт пенен саат 18:40та Ташкент халықаралық аеропортына жетип келди, деп хабар бермекте Uzbekistan Airports баспасөз хызмети. 265 жолаўшы болған самолётты дәстүрге бола, суў аркасы, экипажды гүллер ҳәм байрам салтанаты менен күтип алды. Ташкенттен Шанхайға ушатуғын биринши жолаўшылар да салтанатлы түрде дизимнен өткерилди.

Жаңа жөнелистиң ашылыўы Қытайдың ең ири мегаполиси - Шанхай қаласын Өзбекстан пайтахты менен тиккелей байланыстырады, бул болса еки мәмлекет арасында туризм, исбилерменлик байланыслары ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар ашады.

Рейслер ҳәптесине төрт мәрте - дүйшемби, сийшемби, пийшемби ҳәм шемби күнлери кең фюзеляжлы Airbus А330-200 самолётларында әмелге асырылады.

Жол ўақыты дерлик 8 саатты қурайды.

Еслетип өтемиз, бул авиакомпанияның Өзбекстан жөнелисиндеги екинши жөнелиси болып есапланады. Өткен жылдың июль айында авиакомпания "Сиан - Ташкент - Сиан" рейслерин жолға қойған еди.

Ташкент ҳәм Шанхай арасында тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы туристлер алмасыўы, исбилерменлик байланыслары ҳәм транспорт байланыслылығын беккемлеўге қосымша пәт бағышлаўы күтилмекте.