Атап өтилиўинше, бул сапар етиў шеңберинде "Made in Uzbekistan" саўда үйиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Еки тәреп ўәкиллери ҳәм исбилерменлери қатнасқан бул илажда Өзбекстанда ислеп шығарылған кең түрдеги өнимлерди Аўғанстан базарына алып кириў ҳәм бул жердеги талапты қаплаўда бул саўда үйиниң үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Илаж шеңберинде қатнасыўшылар итибарына кең түрдеги электротехника өнимлери ҳәм жаңа технологиялар усынылды.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул саўда үйиниң ашылыўы тәреплер арасындағы өз-ара байланысларды беккемлеп, саўданы және де раўажландырыўға хызмет етеди. Бул жерде электротехника өнимлери ҳәм жаңа технологиялар турақлы түрде көрсетилип, жергиликли қарыйдарлар менен тиккелей саўда байланысларын жолға қойыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде "Өзэлтехсанаат" ассоциациясының ўәкиллери Қабул қаласында электротехника санааты тараўында жедел сөйлесиўлер алып барды. Ушырасыўларда тиккелей саўда келисимлерин дүзиў, бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм узақ мүддетли жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Аўғанстан базарының талапларын терең таллаўға айрықша итибар қаратылды.
Бирлеспе мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, жаңа саўда имканиятлары Өзбекстан өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў, оларды жергиликли базар талапларына бейимлестириў ҳәм еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў имканиятларын жаратады.