Илажда Өзбекстан энергетика компанияларының басшылары ҳәм қәнигелери де қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сентябрь айында Ташкент қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында алға қойған басламалары Аўғанстан халқының абаданлығын қоллап-қуўатлаў ҳәм оның экономикасын раўажландырыўға қаратылғаны атап өтилди. Бул ҳәрекетлер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Ушырасыў шеңберинде тәреплер ири енергетика жойбарларын әмелге асырыў, соның ишинде, Аўғанстан аймағында жоқары күшлениўли электр узатыў тармақлары ҳәм подстанциялар қурылысының ҳәзирги жағдайы, жумысларды жеделлестириў илажларын додалады.
Сөйлесиўлер жуўмағында Аўғанстанға 2026-жылға мөлшерленген электр энергиясын жеткерип бериў бойынша шәртнамаға қол қойылды.








