Ушырасыўда еки мәмлекет арасында денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, әсиресе, фармацевтика ҳәм стоматология бағдарларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Соның ишинде, Аўғанстан тәрепи Термиз қаласында стоматология бойынша қәниге жасларды оқытыў, халыққа стоматологиялық хызмет көрсетиўди күшейтиў ҳәм 20 ға шамалас филиал ашыў бойынша усыныс билдирди. Бул баслама мыңлаған пуқараларды тис машқалаларынан қутқарыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Фармацевтика тараўындағы бирге ислесиў бойынша болса әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Атап айтқанда, исбилерменлер тәрепинен Аўғанстанда дәри-дәрмақ қуралларын дизимнен өткериў мүддетин алты айдан бир айға қысқартыў, сондай-ақ, бир мәрте импорт етиўге руқсат бериў тәртибин енгизиў усыныслары алға қойылды. Аўғанстан денсаўлықты сақлаў министри бул басламаларды толық қоллап-қуўатлады.
Бул шараятлар, өнимниң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлы баҳалар менен биргеликте, Өзбекстан фармацевтика компаниялары ушын Аўғанстан базарындағы үлкен потенциалды жүзеге шығарыў имканиятын жаратады.
Хабарда айтылыўынша, усы жылдың ақырына шекем экспорт көлемин 50 миллион доллардан арттырыўға барлық тийкарлар бар.