Ушырасыўда сиясий-дипломатиялық сөйлесиўди және де тереңлестириў, транспорт-логистика коридорларын диверсификациялаў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, санаат кооперациясын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, тармақлараралық бирге ислесиў перспективалары, соның ишинде, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм химия санааты, энергетика ҳәм электротехника тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәмлекетлериниң исбилермен топарлары және аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.
Бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында туристлик бағдарларды раўажландырыў, халықларымыз арасындағы тарийхый-мәдений байланысларды тереңлестириў ҳәм Уллы жипек жолы мийрасының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў атап өтилди.
"Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, регионлараралық шерикликти раўажландырыў ҳәм байланыслылықты беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таяр екенлигимизди тастыйықладық", деди Бахтиёр Саидов.