Аўғанстанлы инвесторлар - Мирзад Мир Аҳмад Заҳеэн ҳәм Мир Насир Аҳмад Мирзад Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан районында улыўма баҳасы 5 миллион АҚШ долларына тең инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ниетинде.
Дәслепки келисимлерге бола, инвесторлар райондағы көп қабатлы турақ жайларға үлеслес сыпатында кириў ҳәм киши санаат зонасынан 0,96 гектар жер майданын аукцион арқалы сатып алып, заманагөй технологиялар тийкарында өндирис цехин шөлкемлестириўди режелестирмекте. Буның ушын зәрүр үскенелер сырт елден алып келинеди.
Бул жойбарлар Гүлистан районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Олимжон Жўраев ҳәм инвесторлар арасында болып өткен ушырасыўда додаланды. Ушырасыў ашық ҳәм қызғын руўхта өтип, еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, әсиресе, инвестиция тараўындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланды.
Инвесторларға А.Яссаўий мәҳәллесиндеги көп қабатлы турақ жай қурылысы ушын мөлшерленген жер майданлары ҳәм Аҳиллик мәҳәллесиндеги киши санаат зонасының жумысы таныстырылды. Санаат зонасындағы имканиятлар, өндирис қолайлықлары ҳәм жаратылған шараятлар мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Сондай-ақ, аўғанстанлы мийманлар районның туризм потенциалын үйрениўге де үлкен қызығыўшылық билдирди ҳәм бул бағдарда бир қатар жойбарларды әмелге асырыў нийетинде екенлигин мәлим етти.









