"Афросиёб"тың Каттақорған бәндиргиси шөлкемлестириледи

    2 қаңтар 2025 1587

    Сондай-ақ, "Булунғур - Самарқанд қаласы - Жума - Каттақорған қаласы" жөнелисинде электр поездының қатнаўын жолға қойыў белгиленген.

    Бул мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 29-ноябрьде қабыл етилген "Самарқанд ўәлаятында инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да раўажландырыў және халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен тастыйықланған "Самарқанд ўәлаятының район (қала) ларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы"нда нәзерде тутылған.

    Транспорт министрлиги ҳәм "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийетине 2025-жылы "Афросиёб" поездының "Ташкент - Бухара" жөнелисинде Каттақорған пунктине тоқтап өтиўин және "Самарқанд - Каттақорған" электр поезды жөнелислерин шөлкемлестириў ўазыйпалары тапсырылды.

    Сондай-ақ, "Булунғур - Самарқанд қаласы - Жума - Каттақорған қаласы" жөнелисинде электр поездының қатнаўын жолға қойыў белгиленген. Оның ушын заманагөй поезд вагонларын алып келиў, аралық тоқтаў темир жол бәндиргилериниң инфраструктурасын жақсылаў режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates