"Ташкент - Самарқанд" жоқары тезликтеги жолаўшы темир жолын қурыўға старт берилди

    26 желтоқсан 2024 354

    Қубла Корея менен биргеликте қурылып атырған бул магистраль темир жол еки қала арасындағы қатнаў ўақтын сезилерли дәрежеде қысқартады.

    Усы жылдың 24-декабрь күни "Өзбекстан темир жоллары" АЖ басшылығы "Caman Corporation" жойбар менеджери Жин Канга (Қубла Корея) менен сөйлесиўлер өткерди. Бул ҳаққында "Өзбекстан темир жоллары" АЖ мәлимлеме-таллаў медиа орайы хабар берди.

    "Ташкент - Самарқанд" жаңа жоқары тезликтеги жолаўшы темир жолын қурыў бойынша дәслепки техникалық-экономикалық тийкарлаў (ТЭТ) бойынша жумыслардың басланыўы додалаўдың тийкарғы темасы болды.

    Жаңа магистраль еки ири қала арасындағы қатнаў ўақтын сезилерли дәрежеде қысқартады, жолаўшыларға қолайлық дәрежесин арттырады ҳәм транспорт хызметлериниң сапасын арттырады.

    Тәреплер бул баслама аймақлараралық байланысларды жақсылаў, жолаўшылар ағымын көбейтиў ҳәм тез жүрер поездлар қатнаўын көбейтиўде әҳмийетли екенин атап өтти.

    Жойбардың әмелге асырылыўы республиканың экономикалық раўажланыўын беккемлеўге жәрдем береди ҳәм Өзбекстан транспорт санаатын жаңа басқышқа алып шығады.

    Сөйлесиўлер нәтийжесинде жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын таярлаў процесин жеделлестириўши жумысшы топар дүзиўге қарар етилди.