"Наўрыз" ҳәм Рамазан Ҳайыты қатнасықлары менен жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын 775/776-санлы "Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" жөнелисиндеги "Афросиёб" электропоезды усы жылдың 20, 21, 22, 23, 24, 25, 29, 30, 31-март ҳәм 1-апрель күнлери қосымша қатнаўды әмелге асырады.

Бул ҳаққында "Темиржолэкспресс" АЖ Баспасөз хызмети хабар берди.

Поездлар төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди:

- 775-санлы "Самарқанд - Ташкент" жөнелиси:

Самарқанд 10:55 - Ташкент 13:15.

- 776-санлы "Ташкент - Самарқанд" жөнелиси:

Ташкент 13:56 - Самарқанд 16:14.