American University of Technology университети менен қол қойылған меморандум бул умтылыслардың айқын дәлили болып есапланады. Келисим шеңберинде төмендеги басламаларды әмелге асырыў режелестирилген:

биргеликтеги STEM ҳәм академиялық бағдарламаларды раўажландырыў;

халықаралық экспертлер қатнасыўында билим алмасыў;

Space Club шөлкемлестириў ҳәм студентлер ушын әмелий жойбарлар өткериў;

CubeSat технологиялары ҳәм жасалма жолдаслар тараўында бирге ислесиў.

Бул келисим жас қәнигелер ушын жаңа имканиятларды ашып, космослық тараўда заманагөй билим ҳәм тәжирийбе алыў ушын платформа жаратады.