Пәрманға бола, 2025-жыл 1-апрельден:
- "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да усынылады.
- Онда мәдений-ағартыўшылық, билимлендириў, спорт ҳәм туризм илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" қорлары түсимлериниң 25 проценттен көп болмаған бөлегин қаратыўға рухсат бериледи;
"Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы социаллық жәрдемлер төмендеги тәртипте көрсетиледи:
- шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили бир социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады;
- "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан социаллық жәрдем көрсетилиўин сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың финанслық жағдайын болса - уйымлараралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автоматикалық түрде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.