Атап өтилиўинше, Пәрманға бола, Экономикада коррупциялық факторлардың алдын алыў мақсетинде:

- мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлер баҳасы ҳәм оның орташа базар баҳасы арасындағы айырмашылықтың ең көп жол қойылатуғын шегарасынан шетке шыққан ҳалда сатып алыўды әмелге асырған лаўазымлы шахслар жуўапкершиликке тартылады;
- 2025-жылдың 1-июльинен ири инвестициялық жойбарларда коррупцияға қарсы халықаралық стандартлар ҳәм ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў тәртиби енгизиледи;
- "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасының қамтып алыўы және де кеңейтилип, басқышпа-басқыш халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўындағы жойбарларға енгизиледи.

2025-жылдың ақырына шекем:

- халықаралық тендер объектлери бойынша субподрядшылар "Ашық-айдын қурылыс" системасы арқалы тартылады;
- баҳасы 2 миллион АҚШ долларына шекемги халықаралық финанс шөлкемлери есабынан қаржыландырылатуғын жергиликли тендерлер "Ашық-айдын қурылыс" системасында өткериледи;
- халықаралық тендерлер бойынша тартылған сырт ел жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлери шәртнама баҳасының кеминде 60 процентин өз күшлери менен орынлаў тәртиби енгизиледи.

2026-жыл 1-январьға шекем министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен көрсетилетуғын барлық мәмлекетлик хызметлерди район (қала) кесиминде халықтың өзи баҳалайтуғын система енгизиледи.

Онда халық тәрепинен "қанаатландырарсыз" деп баҳаланған министрлик, уйым басшылары ҳәм район (қала) ҳәкимлериниң жеке жуўапкершилиги белгиленеди.

Жасалма интеллект тийкарында халықтың күнделикли турмысында ушырасатуғын сораўларына мобил телефон арқалы әпиўайы ҳәм қолайлы түрде жуўап алыў имканиятын беретуғын онлайн платформа иске қосылады.