Өзбекстанлы спортшымыз финалға шекем жетип барып, Қазақстан ўәкили Жоламан Биғабилге қарсы гүрес алып барды. Шешиўши беллесиў жуўмағында Халимов екинши орынды ийелеп, гүмис медаль ийесине айланды.

Бүгин, 21-сентябрь күни Өзбекстан сайланды командасы ўәкиллери спорттың 12 түри бойынша беллеседи.