Airbus компаниясы Өзбекстан ушын ушыўшылар таярлаўы мүмкин

    Ташкент мәмлекетлик транспорт университети ҳәм "Airbus" компаниясы арасында ушыўшыларды таярлаўға байланыслы арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

    Бул ҳаққында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

    Атап өтилиўинше, 2025-жыл 28-июль күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм "Airbus" компаниясының Европа бойынша президенти Ёхан Пелиссы арасында сөйлесиўлер болып өтти.

    Тәреплер Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы пуқаралық авиация тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалады. Атап айтқанда, Өзбекстан ҳаўа кемелери паркин модернизациялаў ҳәм кеңейтиў арқалы туристлик ағымды арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик транспорт университети ҳәм "Airbus" компаниясы арасында ушыўшыларды таярлаўға байланыслы арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates