Быйылғы сыйлыққа белгили түрк биохимиясы, Нобель сыйлығының лауреаты, Өзбекстан Миллий университетиниң ҳүрметли докторы Азиз Санжар миясар болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азиз Санжарды қызғын қутлықлап, абырайлы сыйлықтың илим ғайраткерине тапсырылыўы түркий дүнья илимпазлары, соның ишинде, жасларды жаңа шеклерди ийелеўге илҳамландыратуғынын айрықша атап өтти.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы атындағы сыйлығы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы шөлкемлестирилген. Ол түркий мәдениятты үгит-нәсиятлаў, тынышлықты сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм исенимди беккемлеў, сондай-ақ, түркий халықлар арасында түрли тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қосқан айрықша үлеси ушын ҳәр еки жылда бир мәрте тапсырылады.
Сыйлық биринши мәрте 2022-жылы қырғыз жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер марҳум Шыңғыс Айтматовқа берилген еди.