Банк өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратады.
Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.
Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын бағдарланады.
Аймақларда "жаслар бизнес инкубаторы" шөлкемлестирилип, жаслардың идеялары стартапқа айландырылады, 6 айдан 3 жылға шекем қоллап-қуўатланады, таяр бизнес, кәрхана дәрежесине алып шығылады.
"Алоқа венчур" қоры арқалы стартапларға 50 мыңнан 1 миллион долларға шекем инвестиция киргизилип, өним ҳәм хызметлерди ишки ҳәм халықаралық базарларда сатыў, бизнес шерик табыў, қосымша инвестицияларды тартыўға көмеклесиледи.