Алыс аймақларда да турмыс қайнамақта

    Төрткүлдиң жаңа келбети қалай жаратылмақта?


    Кудайберген ата тынымсыз ҳәрекетленип атырған техникаларға қарай жол алды. Ол жол-жөнекей кетип баратырып бурын қурылыс жумыслары буншелли қызғын болғанын ҳеш еслей алмайды. Аспанға тирелген бәлент кран темир-бетон плитаны көтерип жайластырып атыр. Узақтан адамлар қумырысқадай кишкене болып көринеди екен. Қудайберген ата қубылысқа ҳәўес пенен узақ қарап турды.

    Ҳақыйқатында да, Төрткүл районында биринши мәрте бундай үлкен жойбар әмелге асырылмақта. Оған бола, 9 қабаттан ибарат көп квартиралы заманагөй турақ жай объекти бой тиклемкте. Район тарийхында биринши мәрте бундай бийик имараттың қурылысы, ҳәммениң кейпиятын көтерди.

    - Жойбар халыққа қолайлы шараят жаратыў ушын ислеп шығылған. Мәселен, бул имаратта дүкан, спорт залы сыяқлы халық ушын зәрүр турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары да болады. Сондай-ақ, ҳәр бир жол ушын бир тонналық лифт орнатылып, қуяш панеллери менен үскенеленген. Соның ушын лифт электр жоқлығы ушын өшип қалды, деген мәселе болмайды, - дейди “EVRO-AZIA” қурылыс кәрханасының баслығы Еркин Самандаров. - Соның менен бирге, суў тәмийнатына да айрықша итибар қаратылған. Техникалық себеп пенен тийкарғы тармақтағы суўда үзилис болса да халық қыйналмайды. Себеби, 1,5-2 суткаға жететуғын суў резерви де жаратылған. Имараттың төбесинде болса дем алыў ушын терраса исленген. Энергия үнемлеўши бул имарат заманагөй талапларға толық жуўап береди.

    Қудайберген ата әне усы имаратқа ҳәўес пенен қарап атырып кеўлиндеги ой тилине көшти: "Усындай жайды қурыўдың өзи бола ма, әдеўир көп қаржы кеткен шығар, буған?!"

    Аўа, бул заманагөй жайдың улыўма баҳасы 53 миллиард сумды қурайды. Оның қурылыс жумыслары 2024-жылдың декабрь айында басланған. Жумыс пухта болыўы ушын қурылысшылар асығып атырған жоқ. Соның ушын бул үлкен жойбарды 2026-жыл сентябрь айында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Қысқа етип айтқанда, бүгин Төрткүл ҳәр тәреплеме раўажланбақта. Қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәўиж алған. Буннан район халқы разы.

    Әлбетте, төрткүллилер әне усындай заманагөй жайларды биймәлел сатып алыўға қурбы жетиўи ушын экономикалық жағдайы жақсы болыўы керек. Сонлықтан районда исбилерменлик, өндирис ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға айрықша итибар берилмекте. Солардан бири "Заводхоз Агро" кәрханасы болып есапланады. Бул кәрханаға 1,5 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылған. Нәтийжеде Қытайдан әсбап-үскенелер алып келинип, полиэтилен тор ислеп шығарыў жолға қойылды. Әҳмийетлиси, кәрхана себепли аймақта жасайтуғын 69 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

    - Кәрханамыз күнине 6-7 мың метр полиэтилен тор ислеп шығармақта. Бул тордан тийкарынан дийқанлар аўыл хожалығы өнимлерин қуяштан қорғаўда пайдаланбақта. Өнимлеримиз тек ғана ишки базарда емес, ал сырт мәмлекетлерге де экспорт етилмекте. Әҳмийетли тәрепи өнимимиз экологиялық таза ҳәм қайта ислеў имканиятын да береди. Сондай-ақ, хызметкерлеримиз ҳәр 6 ай ҳәм бир жылдан Қытайға барып тәжирийбе арттырып келеди, - дейди кәрхананың ис жүргизиўшиси Ихтиёр Каримов.

    "Ҳәрекетке - берекет" дегениндей, төрткүлли исбилерменлер берилип атырған имканият ҳәм жеңилликлерден ақылға уғрас пайдаланбақта. Райондағы "Төрткүл" мәҳәллесинде жасайтуғын жеке тәртиптеги исбилермен Гулзира Хожаниязова да табыслы исбилерменлерден бири. Ол былғары өнимлеринен арнаўлы бас кийимлер ислеп шығарыўды жолға қойған. Бул арқалы исбилермен ҳаял жергиликли өндиристиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

    - Цехымыз 60 квадрат метр майданда жайласқан болып, ол жылына 950 дана арнаўлы бас кийим ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул жойбар арқалы 7 адамның бәнтлигин тәмийинледик, - дейди Гулзира Хожаниязова.

    Исбилермен бүгин өз өнимлерин Россия Федерациясына да жеткерип бермекте, бул кәрхананың бәсекиге шыдамлылығы ҳәм экспорт потенциалының жоқары екенинен дәрек береди.

    Сондай-ақ, райондағы Беруний мәҳәллесинде Айсултан Алламова ҳаял-қызлар сумкаларын ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарды табыслы баслаған. Бул исбилермен жылына 10 мың сумка ислеп шығарыў имканиятына ийе болып, көплеген жаңа жумыс орнын жаратты.

    - Бул жойбарымыздың улыўма баҳасы 200 миллион сум болып, соннан 150 миллион сумы өз қаржыларымыз ҳәм 50 миллион сумы банк кредити есабынан қапланған. Өнимлеримизди ишки базарға жеткерип бермектемиз. Келешекте жумысымызды кеңейтип, қосымша жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткенмен, - дейди Айсултан Алламова.

    Төрткүл районында “Cristall mega star” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 5 бренд астында кир жуўыў өнимлери ислеп шығарылмақта.

    Өнимлер мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы ишки базарларға кирип бармақта. Ҳәзирги ўақытта экспортқа да бағдарланып атыр. Тийкарғысы, кәрханада 15 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.

    Қалаберди, сапалы ҳәм заманагөй медициналық хызметлер көрсететуғын еки жаңа клиниканың иске қосылыўы район турғынлары ушын әжайып жаңалық болды. Бул клиникалар тек ғана денсаўлықты сақлаўда хызмет көрсетип қоймастан, ал жаңа жумыс орынларын жаратып, аймақтың раўажланыўына да үлес қоспақта.

    - Мәҳәллемизде иске қосылған ҳәр еки клиника да ең соңғы медициналық әбап-үскене ҳәм инвентарлар менен тәмийинленген. Онда жоқары тәжирийбели шыпакерлер халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди мақсет еткен. Бул тек ғана мәҳәллемиз ушын емес, ал Төрткүл халқының саламатлығын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады, - дейди "Ғалаба" мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Шамсуддин Сабуров.

    Бүгин елимиздиң ҳәр бир пуқарасы қәлбинде шүкиршилик сезими йош урмақта. Себеби әпиўайы: елимиз тыныш, базарларымыз мол, ең әҳмийетлиси адамларды разы етиўге қаратылған жумыслар бир заман да тоқтап қалған жоқ. Жаңа Өзбекстандағы узақты гөзлеген реформалар, халық мәпин үстин билиў, экономиканы раўажландырыў жолындағы ҳәрекетлер өз нәтийжесин бермекте.

    - Дийқаншылық етип турмысымызды абат етип отырмыз, мийнет етсең кем болмайсаң, - дейди Өзбекстан мәҳәллесинде жасайтуғын Ҳайитжан апа. - Телевизорда көрип атырмыз, айырым еллер тыныш емес. Ўатанымыздағы тынышлық ушын шүкиршилик етемиз. Тыныш турмыс - бийбаҳа жемис. Әйне усы жемис себепли емин-еркинликте перзентлеримиздиң камалға келиўин көрип, шаңарағақ әтирапында бахытлы өмир сүрип атырмыз. Бундай елде ҳәмме қолынан келгенинше ҳадал мийнет етиўи, ийгиликли ислер менен бир-бирине үлги болыўы керек.

    Бул сөзлердиң астында үлкен ҳақыйқат жәмленген. Тынышлық бар жерде мийнет қәдирленеди, ырысқы-несийбе берекетли болады.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates