Банклерге исеним мәселеси олар пайда болғаннан берли әҳмийетли. Бүгинги дүнья өзиниң кескин силкиниўлери, мәлимлеме ҳүжимлери, заманагөй технологиялардың тез пәт пенен турмысымызға кирип киятырғаны менен ажыралып турыпты. Геосиясий ҳәм геоэкономикалық өзгерислер жәҳән банк-финанс секторына да тәсирин өткермекте ҳәм система алдына үлкен ўазыйпалар қоймақта.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында банк системасында реформаларды жеделлестириў, хызметлер базарының көлемин арттырыў ҳәм тараўда бәсекини раўажландырыў ўазыйпасы қойылған. Әйне усы ўазыйпаны шешиўдеги әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжетлерден бири сыпатында 2025-жыл 18-февральда қабыл етилген "Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы нызамды келтириў мүмкин. Себеби, бул нызам қабыл етилгени себепли бир қатар унамлы өзгерислер болыўы нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, мәмлекет физикалық ҳәм юридикалық шахслардың депозитиниң 200 миллион сумға шекемги бөлегине кепиллик береди - физикалық ҳәм юридикалық шахслардың аманаты мәмлекет тәрепинен қорғалады. Бурын тек пуқараларға енгизилген кепиллик енди бизнес ушын да әмел етеди. Аманатты қайтарыў мүддети 83 күннен 7 күнге шекем азайтылады: 2026-жыл 1-январьдан 15 күн, 2027-жыл 1-январьдан болса 7 күн болады. Аманатларға кепиллик бериў агентлиги шөлкемлестирилди. Банк системасындағы турақлылықты тәмийинлеў ушын жаңа институт жумыс баслайды. Енди 99,7 процент аманат қойыўшының қаржысы толық қорғалады. Бул болса банклерге исенимди және де беккемлейди.
Халық аралық көлемде аманатларды кепиллеў системасы түрли мәмлекетлерде түрлише әмелге асырып келинбекте. Төменде айырым мәмлекетлерде аманатларды кепиллеў системасы тәрепинен кепиллик берилетуғын қаржылар муғдарының салыстырмалы көрсеткишин келтиремиз:
Мысал ушын, бул муғдар АҚШта - 250 мың доллар, Германияда - 100 мың евро, Японияда - 10 миллион иена (шама менен 70 мың АҚШ доллары), Канадада - 100 мың Канада доллары (шама менен 75 мың АҚШ доллары), Россияда - 14 мың 300 доллар (186 миллион сум), Украинада - 20 мың доллар (260 миллион сум), Молдовада - 10 мың 700 доллар (139 миллион сум), Беларуста - 10 мың доллар (130 миллион сум), Сербияда - 16 мың доллар (208 миллион сум), Чехияда - 13 мың доллар (169 миллион сум), Литвада - 15 мың доллар (195 миллион сум), Эстонияда - 18 мың доллар (234 миллион сум), Болгарияда - 17 мың доллар (221 миллион сум) ҳәм Румынияда - 15 мың 500 доллар (202 миллион сум).
Бул мағлыўматлардан Өзбекстанда белгиленген кепиллик муғдары региондағы тийкарғы мәмлекетлерде енгизилген нормаларға сәйкес келиўи ҳәм экономиканың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда қәлиплестирилгени көринип тур.
Бул нызамда нәзерде тутылған жаңа тәртиплердиң мәмлекетимиз банк системасына салыстырғанда айырым унамлы тәреплерине итибар қаратыў керек. Бәринен бурын, банк системасына исеним беккемлениўи аманатлардың банк секторында узақ мүддет сақланыўын тәмийинлейди. Аманатларды қайтарыў мүддетиниң қысқартылыўы қарыйдарлар ушын қаржыға болған талапты жедел қанаатландырыў имканиятын жаратыў менен бирге банклер менен узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлейди.
Сондай-ақ, алдынғы тәртипте нәзерде тутылмаған юридикалық тәреплер ҳәм исбилерменлер ушын кепиллик механизмлериниң енгизилиўи себепли мәмлекетте бизнес орталығы жақсыланады ҳәм кредит ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигине хызмет етеди. Аманатларға кепиллик бериў агентлигиниң шөлкемлестирилгени бул бағдарда системалы қадағалаў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыў нәтийжелилигин арттырады. Буннан тысқары, банк системасындағы финанслық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген бул нызам физикалық ҳәм юридикалық шахслардың аманатларын қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық тәжирийбеден белгили болғанындай, депозитлерди кепиллеў системасының бар екенлиги банк секторының турақлылығына унамлы тәсир көрсетеди. Мәселен, АҚШта 1933-жылы Федерал депозитлерди қамсызландырыў корпорациясы шөлкемлестирилгеннен соң, банклерден аманатларды жалпылап алып кетиў машқаласы сезилерли дәрежеде азайған.
Германия тәжирийбесине бола, аманатларды кепиллеў системасының табыслы жумысы банк секторының финанслық турақлылығын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Европа Аўқамы тәрепинен енгизилген соңғы қағыйдаларға муўапық, 100 мың евро муғдарында кепиллик системасы енгизилген болып, бул ҳәр қыйлы финанслық кризислер дәўиринде аманат қойыўшылардың банк системасына исенимин сақлап қалыўда жүдә әҳмийетли.
Ҳәр қандай мәмлекетте банк системасына исеним, бәринен бурын, мәмлекетке исенимди тәмийинлейди. Банклердеги аманатты қорғаў кепилликлериниң дурыс жолға қойылғаны халық ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң системаға исенимин және де арттырыў, банклердиң финанслық турақлылығын тәмийинлеў, банклераралық бәсекини күшейтиў ҳәм ҳәр қыйлы финанслық кризислердиң алдын алыўда әҳмийетли механизм болып есапланады.
Өзбекстан ушын аманатларды нәтийжели қорғаўды кепиллеў системасының енгизилгени бул бағдардағы және бир әҳмийетли қәдем болды. Ҳуқықый жақтан беккем кепилленген аманат системасы арқалы халық ҳәм бизнес субъектлери өз қаржыларының банклерде қәўипсиз сақланыўына исеним пайда етеди. Бул болса банклерге узақ ҳәм турақлы мүддетли депозитлерди тартыў имканиятын береди. Соның менен бирге, депозитлердиң жоқары дәрежеде қорғалғаны банклерден қаржылардың ғалаба алып шығылыў қәўипин азайтады. Сондай-ақ, банктиң ликвидлилигин сақлаў ҳәм финанслық кризислерден қорғаныў механизмлерин және де күшейтиў имканиятын береди. Буның нәтийжесинде банк секторындағы турақлылық ҳәм инвестициялық тартымлылық артады. Булардың барлығы Өзбекстан экономикасының узақ мүддетли турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Исроил Жўраев,
экономика илимлери бойынша философия докторы