Бул ҳаққында Кинематография агентлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, күни кеше Кинематография агентлиги директоры Шуҳрат Ризаев ҳәм Монголия мәмлекетиниң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дааданхуу Батбаатар менен ушырасыўда усы мәселени додалады.
Монголия тарийхый ўақыялар менен байланыслы әҳмийетли орынларға ийе болып, бул фильмниң айырым сахналары әйне усы аймақларда сүўретке алыныўы режелестирилмекте.
Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ислеп шығылған "Тири тарийх" дүркин фильмлер жойбары 2024-2030-жылларға мөлшерленген стратегиялық бағдарлама болып, ең әййемги тарийхымыздан баслап, жақын тарийхымызға шекемги әҳмийетли дәўирлерди қамтып алады.
Бул жойбар миллий өзликти аңлаў, мәдений мийрасымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жас әўладқа тарийхый билимлерди жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе.