Елимизде өткен жылы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен биринши мәрте иске қосылған "Ана үйи" жойбарының мақсети де усы - аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық жетимликтиң алдын алыў. Қысқа мүддетте нәтийже көрсеткен бул жойбар бүгин мәмлекетимиздиң ең ири исбилерменлерин қызықтырып, ийгиликли баслама әтирапында бирлестирмекте.

Жойбарға бола, аймақларда арнаўлы орайлар шөлкемлестириледи. Бул жерде ҳаял-қызлар ҳәм 4 жасқа шекемги перзентлерине қорғаў, баспана, социаллық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиледи. Бул процессте Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы биргеликте ислемекте. Исбилерменлер қайырқомлық жумысларында, соның ишинде, жойбар қатнасыўшыларының бәнтлигин тәмийинлеў, оқыў ҳәм кәсипке бағдарлаўда қол-қанат болады.

- Бул жойбар қыйын жағдайдағы ҳаял-қызлар ҳәм балаларға жәрдем бериў менен бирге шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў, сондай-ақ, социаллық жетимликтиң алдын алыўға қаратылған, -дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң баспасөз хаткери Дилфуза Рўзметова. - Себеби мақсетимиз ҳәр бир бала ҳәр қандай жағдайда да өз анасы, шаңарағы менен қалыўы, саламат орталықта өсиўине жәрдем бериўден ибарат. Жойбар өткен жылы тәжирийбе сыпатында Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаятында иске қосылып, өз нәтийжесин көрсетти. Усы аймақларда ашылған "Ана үйи"нде онлаған ҳаял-қызлар ҳәм балаларға жәрдем берилди. Нәтийжеде 60 бала анасы менен қалды (деген менен олар таслап кетилиўи де мүмкин еди), 45 ҳаял болса кризис жағдайында, атап айтқанда, шаңарақтағы зорлық жағдайында қорғаўға алынды. Мине, усы дәслепки нәтийжелеримиздиң өзи-ақ жойбарды кеңейтиў зәрүр екенлигин көрсетти. 2026-жылға шекем басқа аймақларда да "Ана үйи" орайларын ашыў режелестирилген.

Орай тек баспана емес!

Ҳеш бир ҳаял баласы менен көшеде қалыўды, қыйын жағдайлар себепли перзентин таслап кетиўди қәлемейди. Бирақ жәмийетте бундай жағдайлар ушырасып турады. Оның артынан келип шығатуғын социаллық жетимлик болса оғада аўыр мәселе.

Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар жәмийетимиздиң ең әззи ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларынан бири. Олар көбинесе шаңарақлық зорлық, жумыссызлық, материаллық машқалалар, психологиялық жарақат ямаса баспанасызлық сыяқлы қәўип-қәтерлер менен жүзбе-жүз келеди. Бундай шараятта перзент тәрбиясы менен шуғылланыўы ҳәм қәўипсиз орталықта жасаўы ушын оларды қоллап-қуўатлаў зәрүр.

"Ана үйи" социаллық мәкемеси мине усындай ҳаяллар ушын, бәринен бурын, баспана. Бундай орынларда алты айлық ҳәмиледарлық дәўиринен баслап, биринши перзентин дүньяға келтирип атырған, 4 жасқа шекем перзентин тәрбиялап атырған аналар, перзентлеринен ўаз кешиў алдындағы ҳәмиледарларға жәрдем бериледи. Ҳәр бир "Ана үйи" 10-12 орынға мөлшерленген. Талабанлар "Инсан" социаллық хызметлер орайының жолламасы тийкарында қабыл етиледи. Ол жерде белгили бир ўақыт жасаў ҳәм өзин тиклеп алыў ушын барлық зәрүр шараят жаратылады. Орайда психологиялық ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў, ҳүжжетлерди тиклеў ҳәм ҳуқықларды тәмийинлеў, билимлендириў, әмелият ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў сыяқлы жәрдем түрлери бар.

Әдетте ҳаяллар "Ана үйи"нде 6 айға шекем қалыўы мүмкин, бирақ бул мүддеттен соң жағдайы индивидуал көрип шығылады. Зәрүрлик болса, және белгили бир ўақыт бериледи. Бул дәўирде дәслеп баспана менен тәмийинленген ҳаял-қызларға кейинги басқышларда ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер көрсетиледи. Себеби көшеде қалған көпшилик жалғыз аналар жағдайы себепли қатты түскинликке түседи. Оларды жәмийетке қосыўдан алдын турмысқа қызығыўшылығын оятыў әҳмийетли мәселе. Бул жерге келиўден алдын аўыр қыйыншылық, руўхый соққыларды көрген бул ҳаяллардан ҳәр бириниң өз тарийхы бар.

- Балалықтан аўыр шараятта өскеним ушын өмирде орнымды таба алмадым, - дейди "Ана үйи"нде жасап атырған ҳаяллардан бири. - Шаңарақтағы машқалалардан қутылыў ушын турмысқа шыққанман. Бирақ өмирлик жолдасым қолымдағы балам менен ҳәмиледар ўақтымда таслап кетти. Қатты түскинликке түсип қалдым. Не ислеримди билмей қалдым. Ҳәзир "Ана үйи"нде өзиме келип атырман, түскинликтен шығып атырман. Не жәрдем керек болса, берилип атыр. Ҳәмиледар болғаным ушын поликлиникаға дизимге алындым. Перзентим бақшаға орналастырылды. Өмирге, жасаўға қызығыўшылығым оянды. Оқып, аяққа турыў нийетим бар. Маған бул жерге келиўди усыныс еткенлерге миннетдарман.

Мәкемеде ҳаял-қызлардың денсаўлығын тиклеў, емлениўи ушын реабилитация хызмети көрсетиледи. Ана да, бала да саламат болыўына итибар қаратылады. Буннан кейин ҳаял-қызлардың қызығыўшылығы ҳәм имканиятынан келип шығып билимлендириў ҳәм мийнетке бағдарлаў бағдарламалары қолланылады. Ўақыт өтиўи менен ҳәр бир ҳаял өзиниң жеке раўажланыў режесине ийе болады. Кимлердур биргеликте ижара үй алып, үйренген кәсиби тийкарында жумыс баслап, дәрамат табыўға кириссе, басқалар шаңарағы менен жарасады.

- Бул жерге келиўиме себеп балам менен көшеде қалып кеттик, - дейди ҳаяллардан және бири. - Қәйиненем менен келисе алмай, 23 күнлик нәрестемди алып, үйден шығып кеттим. Өмирлик жолдасым қамалып кеткен. Рәсмий некемиз жоқ, шәрий некеден өткенбиз. Ата-анамды наразы етип турмысқа шыққаным себепли, олар менен байланысларымыз үзилип кеткен. Бурын да қатнасықларымыз жақсы болмаған. Әкем себепсиз көп сабайтуғын еди, ақылымды билгели таяқ жегенмен. Оқыўға да имканым болмаған. Енди кәсип үйренип, ислеп, өзим ҳәм балам ушын ҳәрекет етпекшимен.

"Ана үйи"не келип қалған басқа бир ҳаял да перзенти менен көшеде қалып, майданшаларда жатып жүриўге мәжбүр болғаны, ҳәттеки аўқаттың дәмин умытып кеткенин айтады. "Бул жерге келгенимде биринши күни аўқаттың да дәмин билмедим, неге аўқатты сезбей атырман, деп жүрдим. Еслесем қорлығым келеди. Өмирлик жолдасым Россияға кеткели қайтпады. Биз көшеде қалдық. Ата-анам жоқ, үйим жоқ, жәрдем беретуғын ҳеш кимим жоқ. Көпшиликке мүрәжат еттим, бирақ ҳеш ким жәрдем бермеди. Кейин усы үйге келип қалдық. Елеге шекем исенгим келмейди. Ҳәзир жағдайымыз жақсы, қызымды шыпакерлер көрип, зәрүр емлеўди өткерди. Мениң де ден саўлығыма қарап атыр. Аяққа турыўға ҳәрекет етип атырман, ҳәммеси жақсы болатуғынына исенемен".

Исбилерменлердиң социаллық жуўапкершилиги

Бул гүрриңлерди еситип ишиңиз ашыйды. Бир тәрептен ҳәмме қатары бахытлы жасаўға, меҳир-муҳаббат көриўге ҳақылы ҳаяллар көз алдыңызға келсе, екинши тәрептен саламат шаңарақта, абадан орталықта өсиўи керек болған балалар қыялыңыздан өтеди. Оларға социаллық қоллап-қуўатлаў, жәрдем зәрүр. Ҳаял-қызлар өзи қәлеген толық шаңарақ қурыўы ушын оқыўы, кәсип ийелеп ислеўи, ҳәттеки бизнес пенен шуғылланыўы мүмкин. "Ана үйи"нде әне усындай шараят жаратыў мақсет етилген.

Бул социаллық жойбарға елимиз исбилерменлери жедел тартылып атырғанының себеби сонда. Себеби исбилермен топар ўәкиллери бүгин раўажланыўымыздың тийкарғы күшине айланыўы менен бирге, социаллық турмыстың сапасын жақсылаў ҳәм бул бағдардағы жойбарларды әмелге асырыўда үлкен ресурс, тәжирийбе ҳәм көзқарасқа ийе. Олар қыйын жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ҳәм балаларға тек ғана қайырқомлық қаржысы арқалы емес, ал оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, турмысын жолға қойыўына да жәрдемлеседи. Көз алдыңызға келтириң: бир исбилермен 5-10 ҳаялдың жәмийетте өз орнын табыўы, аўыр шараяттан шығып алыўына жәрдемлеседи.

- Көпшилигимиз бәрқулла қыйналған шаңарақларға жәрдем бериўге ҳәрекет етип келемиз, - дейди исбилермен Луиза Шарахметова. - Енди исбилерменлерди бир жерге жыйнап, жәмийет көринисинде жумысларды шөлкемлестириў ҳәм жалғыз, жас аналарды қоллап-қуўатлаўға жәрдемлесиў оғада жақсы баслама, деп ойлайман. Жойбарда тек ғана қәржылай жәрдем нәзерде тутылмаған. Ҳәр ким өз имканияты, бағдарынан келип шығып жәрдем береди. Мәселен, мен өз бағдарымнан келип шығып, ҳаял-қызларды бизнеске оқытыў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, саўатлылығын арттырыў, исбилерменликке бағдарлаў, киши стартап жойбарларын баслаўға жәрдем бериўге таярман. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм өзине исенимин арттырыў арқалы перзентлериниң шахс сыпатында ер жетиўине үлес қосқан боламыз.

"Ана үйи" жойбарын кеңейтиўде Президент жанындағы Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңестиң ағзалары белсендилик көрсетип атырғаны қуўанышлы жағдай. Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы 27-декабрьдеги тийисли пәрманы менен бул кеңестиң қурамы 35 адамнан 49 ға шекем кеңейтилген. Соннан 46 сы барлық тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер.

Бул жойбарды қоллап-қуўатлап атырған ҳәм онда турақлы қатнасыў тилегин билдирген бизнес ўәкиллери де көпшиликти қурайды. Олардың арасында алдынғы исбилерменлер де бар екенлиги жойбардың көлеми ҳәм әҳмийети қаншелли кең екенин көрсетеди.

- Бундай жойбарларға мен шын кеўилден разыман. Ийинлес тураман, - дейди кеңес ағзасы, исбилермен Жаҳонгир Ортиқхўжаев. - Мениңше, басқа исбилерменлер де буған қосылыўы керек. Исбилерменлерден бири "балалардың көз жасын көрип, және жәрдем бергим келеди", деп айтты. Егер барлық исбилерменлер бирлесип оларға жәрдем берсе ҳәм ким екенин ҳәмме көрсе, адамлар да сол исбилерменниң изинен ерип бул қайырқомлықларға қосылады. Жәрдем берип атырғанлардың қатнасы көринбесе, ҳеш ким бергиси келмейди. Мүтәжлердиң пәтиясы арқалы исбилерменлерге де берекет келе береди.

Жойбарда тек ғана өзбекстанлы емес, ал қазақстанлы исбилерменлер ҳәм сақаўатлы инсанлар да қатнаспақта. Гәп сонда, бул жойбарға Қазақстандағы “Ана Үйі” («Ана үйи») жойбарының тәжирийбеси тийкар етип алынған. Қоңсы мәмлекет исбилерменлери тәрепинен 2013-жылы иске қосылған жойбар Орайлық Азияда социаллық жетимлик машқаласын шешиўди мақсет еткен. "Мәмлекеттиң өзинде үлкен нәтийже көрсетип, бүгинги күнге шекем "Ана Үйи" жойбары себепли меҳрибанлық үйлериндеги жетимлер саны 3 есеге азайды. Жойбар халықаралық көлемде кеңейип бармақта. Өзбекстан бизиң тийкарғы шеригимиз. Жергиликли исбилерменлер басламаны қоллап-қуўатлап, раўажландырыўға өз үлесин қосатуғынына исенемиз", дейди жойбар интакери Айдин Раҳимбоев.

- Бәршемиздиң ойымызда усындай басламалар, қайырқомлық жумыслары бар. Оларды системаластырып, биргеликте раўажландырыў идеясы - жақсы баслама, - дейди Korzinka.uz тийкарын салыўшысы, исбилермен Зафар Ҳошимов. - Себеби жәмийеттеги машқалаларды биргеликте шешиўимиз керек. Мәмлекетимиздеги үлкен бе, киши ме мәселелер - ҳәммеси өзимиздики. Ҳеш қашан бир жерде шараят жаман болып турған ҳалда, басқа жерде зор болып кетпейди. Себеби бир аймақтағы машқала басқасына да көлеңке таслап турады. Олардың шешиминде ҳәммемиз қатнасыўымыз керек. "Ана үйи" жойбары усындай басламалардан. Гейде аналар қандай да бир оғада қыйын жағдайлар себепли перзентлеринен ўаз кешиўге мәжбүр болып қалады. Бундай ҳаяллар ушын арнаўлы үй шөлкемлестирип, оларға белгили бир мүддет даўамында кәсип үйретип, жәрдем бериў қайырлы ис. Бундай "Ана үйлери" барлық ўәлаятта болыўы керек. Биз де ўәлаятлардан биринде ашылатуғын "Ана үйи"не қәўендерликти мойнымызға алдық.

Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы