Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында гүл базарында қәдирдан кәсиплес достымды ушыратып қалдым. Әдеўир гүрриңлестик. Ҳәзил-дәлкек пенен басланған сәўбетимиз байрам алдында өткени ушын ба, аналар, апа-қарындаслар ҳәм шаңарақларымыз ҳаққында болды. Достымның қолында гүлдәсте емес, ал гүл нәллерин көрип сораў нәзери менен қарадым. Ол көзимдеги сораў белгисин дәрҳал абайлады. Анасын қутлықлаў ушын аўылға баратырғанын айтты. Қызық, нәл менен бе?!

* * *

- Биринши классқа барғанымнан еки ай өткенде анам кесел болып қайтыс болды, - деп баслады гүрриңин достым. - Мерекеси өткеннен кейин тағы мектепке қатнай басладым. Биринши муғаллимимиз сүўрет сабағынан басқа барлық пән сабақларын өтетуғын жүдә меҳрибан адам еди. Бәҳәр келип ҳаял-қызлар байрамынан бир күн бурын - соңғы сабақ жуўмағында класслас қызларды қутлықлап, кеўилди қуўандыратуғын сөзлер айтты. Соның менен бирге биз, оқыўшыларға ертең аналарымызды қутлықлаўымыз зәрүрлигин нәсиятлап айтты...

Бул маған негедур тапсырма сыяқлы сезилди. Бирақ бул ўазыйпаны орынлай алмаслығымды түсинип, мен ушын ең әзиз инсанды жоғалтыўдан жаралы кеўлимдеги аўырыў елеге шекем кетпеген еди. Негизинде бул ўақыя гә түс болып қалыўына, гә анамның қандай да бир кәрамат пенен үйге кирип келиўине өзимди исендирип жүрген ўақытларымда жүз берген еди. Буны маған биреўдиң еслеткенин, аяныш пенен қарағанын да қәлемейтуғын едим. Себеби бул көзқараслар қыялый әрманым ҳәм күткен кәраматымды жоққа шығаратуғындай сезилди.

Тилек ҳәм сағыныш үстемлик етти ме, ертеңине түске жақын аўылымыздың шетиндеги қойымшылыққа бардым. Қыялымда темир тор менен қоршалған қойымшылыққа қарап анамды байрам менен қутлықламақшы болдым. Дәслеп темир тор артынан турып сыбырланып бир нәрселерди айттым. Шамасы "Сизди жақсы көремен, жүдә сағындым", деген шығарман. Негедур "саўғам болғанда еди..." деген пикир қыялымнан өтти. Соң әтирапқа алаңлап ерте бәҳәр күнлери дөңлерде өнип шыққан түймешегүл, бирли-ярым қызғалдаққа усаған шөп-шарға көзим түсип, қуўанып кеттим. Асығып олардан бир тутам жулып келдим. Еплеп шуқыр қазып, гүллерди ектим. Қәбирстанның жағасындағы аңғардан шети жыртық қалпағым менен суў алып келип қуйдым. Усылай ислесем бул гүллер тамыр жайып кетеди, апам оларды көрип қуўанады, деп шыны менен исенген едим.

Байрамнан соң мектепке барғанымызда муғаллим бизлерден аналарымыз, апа-қарындасларымызды байрам менен қутлықлағанымыз ҳаққында сорады. Ҳәмме жыйналып "Аўа, қутлықладық!" дедик. Маған мениң даўысым ең қатты, исенимли ҳәм қуўанышлы болып шыққандай сезилди...

Екинши қутлықлаў

...Урыс қатнасыўшысы болған әкем қайтып үйленбеди. Тәрбиямызға қатты қарап, оқып билим алыўымызды бәрқулла хошаметлейтуғын еди. Сабақ таярлап атырғанымды, ҳәтте қандай да бир көркем китап оқып атырғанымды көрсе, зәрүр болса да ҳеш қашан жумыс буйырмайтуғын, сол жумысты өзи ислейтуғын еди. Айлар, жыллар өтип өзим ойлап шығарып атырған әжайып нәрселер енди терең ҳүрмет ҳәм иззетке суўғарылған естеликлерге айлана берди. Китап оқыў ең жақсы көретуғын кәсибиме айланды.

Бир күни анамның тири ўақтында түскен ҳәм дийўалдағы рамкаға салынған жалғыз ғана сүўретиниң артынан орамалын таўып алдым. Тап басынан сыпырылып сүўреттиң артына түсип қалғандай еди. Сол күни орамалды ийискелеп, қушақлап уйқылап қалдым. Кейин оны жасырып қойдым. Қашан анамды сағынып еслесем, орамалды алып ийискейтуғын болдым. Оны ҳәзир де сақлап қойыппан...

Айлар, жыллар менен бирге өмир ҳаққындағы көзқарасларым, түсиниклерим кеңейип барды. Сегизинши классқа өткен ўақытларымда районлық газетаға хат-хабар жаза басладым. Олар басылып шыққанда негедур көбинесе анам есиме түсетуғын еди. Сол ўақытта Халық аралық ҳаял-қызлар күни байрамы алдында биринши мәрте қосық жазып жибердим. Қосығым ана ҳаққында еди. Мақул болған болса керек, газетаның байрам санында жәрияланды. Ҳәзир сол қосықты толық еслей алмайман. Тек ақырғы қатары ядымда: "Исенемен, ана, бир күни азанда, басымды сыйпалап оятасыз".

- Мине, усы гүл нәллерин анамның қәбирине отырғызып келмекшимен, - деп сәўбетимизди жуўмақлады достым.

Бул еске түсириўлер, қызғын сөзлер анадай уллы инсанға шексиз ҳүрмет ҳәм иззет, ең қызғын қутлықлаў көриниси еди.

Рустам БОЙТЎРА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы